Сапёр (бомбаны зыянсызландырыўшы) өзиниң өмиринде бир мәрте алжасады. Хирург болса сизиң өмириңизде...
*** *** ***
Жазда тапсам қуўанаман деп жазғы кийимимниң қалтасына 100 мың сум салып қойдым. Бирақ, 3 күннен бери қыялымнан кетпей атыр...
*** *** ***
Үйи жоқ еки адам ушырасып қалыпты:
– Сен қай жерде жасайсаң?
– Ҳеш жерде.
– Онда қоңсы екенбиз!
*** *** ***
– Мен парашютта секириўден қорқаман!
– Онда парашютсиз секирип көр!
*** *** ***
Әҳмийетли бир ушырасыўға таярланып атырған еркек "Не десем екен?" деген сораўға жуўап излесе, ҳаялды көбирек "Не кийип барсам?" деген сораў тәшўишке салады.
©Мадлен де Пюизье
*** *** ***
Ҳаял еркек адамнан бир мәрте ғана ыдысларды жуўыўда жәрдем бериўди илтимас еткен еди, ыдыс жуўатуғын машина ойлап таўылды.
©Сирил Норткот Паркинсон
*** *** ***
Өмир үш дәўирге бөлинеди: аяз бабаға исенген дәўириң, аяз бабаға исенбей қойған дәўириң, өзиң аяз бабаға айланған дәўириң.
©Боб Филлипс
*** *** ***
Бахыт байлықта емес!
Пул қолдың кири!
Пластикке пул түскенше өзимди және қәйтип алдастырайын?
*** *** ***
Кинодан:
– Олар бизлерге қарап оқ атып атыр!
– Қорықпа, атса ата берсин. Бизлер бас қаҳарманбыз – киноның ақырына шекем өлмеймиз...
*** *** ***
Еркек базарда ҳаялының қолынан услап жүриўи романтика емес, экономика...
*** *** ***
Ҳешким мен ҳаққында ойламайды деп түскинликке түспең. Жақсысы, көшеге шығып бир бийтаныс адамды тоқтатып сәлемлесиң, оннан ҳал-аўҳал сораң да, асығып турғаныңызды айтып тез ол жерден кетиң. Болды! Ол адам енди сизди күни бойы ойлап жүреди ким екенлигиңизди еслей алмай.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…