Бизлер Алладан жағдайымыздың жақсы тәрепке өзгериўин сораймыз, лекин Ол усы жағдайды бизлерге өзгериўимиз ушын жиберип отырғанын билмеймиз.
Басқалардың қәдирлейтуғынын сезетуғын адам оннан талап етилетуғыннан да көп етип жумыс атқарып таслайды.
Умытпа: ләззетлениў – ўақтынша, ақыбети – мәңги.
Ҳәр бир инсан басқа адамларда өзинде бар нәрселерди көзге иледи. Мысалы, егерде өзи сықмар болса, ол сықмар емес адамларға кеўил бөлмейди. Лекин, басқа иллетлерге салыстырғанда сықмарлығы басым адамды узақтан көреди.
Жубайыңның ата-анасы сениң де ата-анаң.
Қайғы-ҳәсиретке толы муҳаббат – муҳаббатты емес, ал байланып қалғанлықты аңлатады.
Өтмиште болған ўақыялар ушын өкинишлер — түрли аўырыўларды шақырады, ҳәтте – онкологиялық...
Ҳаялларды қорғаў ҳәм оларға ғамхорлық етиў тийис. Сонда, еркек пенен ҳаяллардың тең ҳуқықлығы киби мәселелер өз-өзинен жоғалып кетеди.
Баллардың раўажланыўы ушын физикалық жүклемелер берилиўи шәрт. Егерде баллар физикалық шынықпаса – онда еркеклик қәсийетлер раўажланбайды.
Ҳүрмет етиў – унаў, кеўлинен шығыў кереклигин аңлатпайды.
Ҳаялды хорлаған еркек жазаланбай қалмайды.
Перзенти жынаят ислесе де анасы оннан бас тартпайды ҳәм ол бәрқулла биринши болып жәрдемге келетуғын – оның анасы болып қалады. Ана судяның жуўмағына да исенбейди, ҳәтте перзентин қутқарып қалыў мақсетинде жынаятты өз мойнына алыўға да таяр. Ананың жүреги дегени усы.
Өзгертиўге болатуғын нәрсеге шыдаў – ойсызлық.
Бир түнде өмириңди өзгерте алмайсаң. Бирақ, бир түнде сениң өмириңди биротала өзгертип жиберетуғын ойларыңды өзгерте аласаң.
Ҳеш бир ағайинди шетлетпеў керек. Қолайсыз, пайдасыз ағайинди шетлетиў – урыўдың күшсизлениўине алып келеди.
Ҳешким саған дос емес, ҳешким саған душпан емес, бирақ ҳәрким – Устаз.
Басқа жумысларға салыстырғанда – өз үстиңде жумыс ислеў ең аўыры.
Адам жетискенликлерге ерисип болып көкирекленип кетсе – ол өзин набыт етеди.
Материаллық дүньяда ҳәмме нәрсе тез өзгереди. Адам жетискенликлерге ерисиўден өзин қүдиретли сезе баслайды, өмир алдында өзиниң парызын умытады. Хошаметлер, марапатлар, шексиз ҳүкимранлық… – адамды ақылдан аздырады.
Ҳаял – ер адамларды илҳамландырыўшы, йошландырыўшы күш есапланады. Усы мәнисте ҳаяллар ерлерден уллырақ.
Егерде ҳаял күйеўин ҳүрмет етсе – онда Алла таала оның күйеўине жәрдем етеди.
Ҳаялын хорлағаны ушын ер адам… керек болса – өмири менен жуўап береди.
Ҳәр бир ер адам биринши нәўбетте унайтуғын иси ҳаққында ойлаўы, ҳаялын болса – кейин ойлаўы тийис. Егерде керисинше болса – ерде ерк пәсейеди.
Дурыс ис-ҳәрекетлер әмелге асырыў ушын бәрқулла қыйын болып келеди.
Өмири аўыр болса – адам раўажланады. Турмысы жеңилдиң бузылыс жолына түсип кетиўи аңсат.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…