Балам көп суў ишеди
«Үлкен балам 3 жастан асты. Негедур, ол жүдә көп суў ишеди. «Кесел емес пе екен?» деп тәшўишленип атырман. Ал, кишкенем болса 1 жастан өтиңкиреди, туўылғаннан берли нәренжан. Көбинесе қарны аўырып, күшене береди. Не қылыўым керек?»
Зияда Асанова
— 3 жасар баланың күнине 1-1,5 литр суў ишиўи норма есапланады. Егер буннан көп суў ишип атырған болса, әлбетте, эндокринолог-шыпакерге көрсетиң. Себеби, көпшилик жағдайларда жас бала организминиң көп суйықлық талап етиўи қанда қант муғдары артыўы менен байланыслы болады.
Екинши перзентиңизде қарын аўырыўы — дисбактериоз болыўы мүмкин. Егер бала аўқатланып атырғанда көп ҳаўа жутса, сондай-ақ, ана яки нәресте антибиотик препаратлар қабыл қылған болса, асқазан-ишек искерлиги бузылып, кишкентайда дисбактериоз келип шығады. Гейде бул ҳал туўма болыўы да мүмкин. Сиз ҳәр еки перзентиңизди медициналық тексериўден өткериўиңиз зәрүр.
Жалпақ табанлық зыянлы ма?
«Қызымызға медициналық көрик ўақтында «жалпақ табанлық» диагнозы қойылды. Шыпакер жағдайды «қәўетерли» деп есаплап, баланың ҳәрекет системасына буның жаман тәсир етиўин айтты. Шынында да, сондай ма?»
Назина
— Жалпақ табанлық бирнеше дәрежелери менен парықланады. Егер балада күшли дәрежедеги жалпақ табанлық болса ҳәм оған ўақтында итибар берилмесе, бундай бийғамлық кейиншелик дизе майданының қыйсайыўына алып келеди. Аяқтың қыйсық басылыўынан балтырдың булшық етлери зорығады ҳәм аўыратуғын болып қалады. Ўақыт өткен сайын сколиоз (омыртқа бағанасының қыйсайыўы) де жүзеге келеди.
Демек, жалпақ табанлық қунт пенен ем ислеўди талап ететуғын кеселлик саналады. Жалпақ табанлы балалар өсип-өнген сайын олардың қәдди-қәўметине итибар бериўимиз, басы ҳәм денесин туўры тутыўға үйретиўимиз лазым. Аяқтың булшық етлери ҳәм байламларын беккемлеўде дене тәрбиясы менен шуғылланыўдың, сондай-ақ, жаздың ыссы күнлеринде топырақта жалаңаяқ жүриўдиң пайдасы бар. Баланың аяғын кешқурын жыллы суўға салып қойыў, соң пәнже ҳәм балтырын бармақтан жоқарыға қарап сыйпаў, аяқ кийими ишине арнаўлы ултарақ, супинатор салыў яки өзине шап-шақ боларлық аяқ кийим буйыртырыў мәсләҳәт етиледи. Егер бул илажлар жалпақ табанлықты даўалаўда жәрдем бермесе, операция исленеди.
Рахиттиң белгиси
«Перзентим бир ярым айлық. Доктор оны тексерип көрген соң «рахит белгилери сезилип атыр», деди. Бул кеселлик бала ушын қәўипли ме?»
Камила Сапарова
— Рахитке шалынған бала көп терлейди, өжет болып қалады. Кеселлик раўажланғанда булшық етлери ҳәлсирейди, кеш жүреди, кейиншелик желке сүйеги жалпақланып, басы үлкейеди, маңлай ҳәм геллесининг төбе сүйеги дөң болып шығады. Көпшилик жағдайларда қабырға сүйеклери қалынласады. Бала жүре баслағанда аяқлары Х яки О қәлпинде қыйсаяды. Көкирек қуўысының қәлпи де өзгереди.
Балада рахит раўажланбаўы ушын оны илажы барынша көкирек сүти менен бағыў лазым. Дурыс аўқатландырыў шәрт. Әсиресе, витамини мол аўқатлар ҳәм тәбийий шербетлер бериў керек. Ашық ҳаўада алып жүриў, қуяш нурынан жетерлише қанаатландырыў керек. Себеби, бала организминде витамин D жетиспесе, яғный ультрафиолет нурлар танқыслығы гүзетилсе, рахит кеселлиги раўажланады, ишеклерде кальцийдиң сорылыўы бузылып, баланың сүйеклери жиңишкелеседи — ақыбетте нерв системасы ҳәм ишки ағзалар искерлиги жаманласады. Соның ушын да, рахит басланып атырғанда аналар шыпакер мәсләҳәтине муўапық, балаға даўа гимнастикасын, уқалаўды, кварц лампасы менен нурландырыў емлерин қолланыўлары керек.
Қандай қосымша аўқат берсем екен?
«Бала алты айлықтан асқан соң оған көкирек сүти менен биргеликте қандай қосымша аўқатлар берсе болады?»
Замира Абатова
— Балаға берилетуғын қосымша аўқатты палыз ҳәм жаңа мийўелерден таярланған пюреден баслағаныңыз мақул. Картошка, гешир ҳәм капустадан таярланған пюрени бир ай даўамында жегизиң. Кейинги айда картошка, гешир ҳәм шалғамнан таярланғанын берсеңиз де болады.
Ҳәр бир жаңа тағамға баланы 3-4 күн даўамында үйретиң. Сондай-ақ, иши қаталайтуғын балаларға капуста ҳәм қабақ ҳәмде мийўелер (ерик қағы) қосылған пюре мәсләҳәт етиледи. Иши суйық келетуғын балаларға берилетуғын пюре ишине писирилген гүриш салыўыңыз мүмкин.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…