Балажанлардың денеси тәсиршең болып келеди. Себеби, олардың организми үлкенлердикине қарағанда әдеўир әззи. Сонлықтан, ҳәрдайым «қарағым-шырағым»ларды түрли кеселликлерден қорғаўымыз керек.
Гә суўытып, гә жылыўшы гүз ҳаўа райынан балалар көбинесе ринит, фарингит, трахеит, сондай-ақ, бронхит, пневмония, грипп пенен кеселленеди. Бул ўақытта кеселликлердиң алдын алыў ҳәм балалар организмин күшке толтырыў ушын, биринши гезекте, олардың иммунитетин көтериў керек.
1. Жигербентиңиз күн тәртибине үзил-кесил бойсынсын. Өйткени, кеш уйқылаған ҳәм ерте оянған бала күн даўамында босаң ҳәм өжет болып жүреди.
2. Бала дурыс аўқатлансын. Бул мәўсимде дүкәншалардан шырайлы ҳәм көзди қамастырарлық етип оралған шийринликлерди сатып алып бериўден тыйылың.
3. Оларға имканы барынша сайланды мийўе ҳәм палызлардан жегизиң. Көбирек тәбийий шербетлер ишкизиң.
Тазалық – денсаўлық гиреўи!
Буны ҳеш ким бийкар ете алмайды! Сонлықтан, имканы барынша тез-тез ханаларды самаллатып, полын ҳөллеп артыўға ҳәрекет етиң. Бул — ҳаўаға вирус ҳәм инфекция тарқалыўының алдын алады.
Баланы таза ҳаўада сейил қылдырың! Егер перзентиңиз бенен көше-күйде турақлы сейил қылып турсаңыз, «екеўиңизге де ҳеш қандай кеселлик қәўип салмайды», деў мүмкин. Ҳәр қандай ҳаўада, әлбетте, көшеге шығып турың. Қыста – ярым саат, жазда – кешки саат беске шекем, бәҳәрде болса – 2-3 саат жетерли.
Және бир әҳмийетли қағыйдалардан бири: баланы ҳәрдайым ҳаўа райына сәйкес кийиндириң. Себеби, олар жүдә ҳәрекетшең болады. Егер жигербентиңизди пияздай, қат-қабат қылып тасласаңыз, терлеп кетиўи мүмкин. Тилекке қарсы, буны жүдә көп аналар естен шығарады.
Кеселликти түп-тамырдан қырқың
Балаң кеселленип қалған болса, үйде қалдырып, өзиң шыпакерге асық. Егер нәресте дем алыс күнлери бийтапланып қалса, оны шыпалы байшешек ҳәм шиповник демлемеси менен даўалаўға урынып көр. Ал, 3 жастан асқан балажанларға болса сорыйтуғын дәри бериў мүмкин.
Дурыс кесел болыўдың 8 қағыйдасы
Әлбетте, ҳеш ким кесел болыўды қәлемейди. Бирақ, мийнетке ушырап, көзге шөп кирип кеткен болса, не илаж, оны нәзик ағзадан жүдә абайлап алыўға туўра келеди. Кери жағдайда биринен қутыламан деп, екиншисине тутылып қалыўың мүмкин.
Айтайық, жигербентиңиз бийтапланып қалды. Салпаўсып қалған, аўқатланыўды қәлемейди, тек ғана жатқысы келип атыр. Бул да жетпегендей, онда жөтел, тымаў, бас ҳәм тамақ аўырыўлары да басланған. Итимал, дене ыссылығы да көтерилгендур? Бундай шараятта кеселликти жеңиўдиң ең туўры жолы – дәртке қарсы гүресиўи ушын бала организмине қолай шараят жаратып бериң. Яғный, төмендеги кишигирим мәсләҳәтлерге әмел қылың.
1. Бала жатқан хананы мудамы самаллатып ҳәм ҳөллеп турың.
2. Оған көбирек жыллы суйықлықлар ишкизиң (бираз ысытылған компот, лимонлы суў яки шиповник демлемеси).
3. Егер аўқатланыўды қәлемесе, мәжбүрлемең. Кеўли тартқанында жеңил сиңетуғын азықлардан бериң (сорпа, шәўле, палыз…).
4. Ўақты-ўақты менен дузлы еритпе жәрдеминде (1 стакан суўға — пышақ ушында дуз) балаңыздың мурнын жуўың.
5. Аллергиясы болмаса, тамағын байшешек демлемеси менен шайдырың.
6. Кеселликтиң зарпынан дене ыссылығы көтерилгенде температура түсириўши дәри бериўиң мүмкин. Бирақ, оған дейин кеселликке қарсы организмниң өзи гүрессин.
7. Ядыңда болсын! Тәртипсиз қолланылған дәрилер (мурын ушын тамшы, ыссылық түсириўши препарат, антибиотик) кеселликке қарсы нормаль иммунитеттиң дөреўине тосқынлық қылады.
8. Қәўипли көриниске еле өтпеген инфекцияны толық жеңиў ушын бала организмине 5-7 күн ўақыт керек болады. Сонлықтан, кеселлик өтип кеткеннен кейин де денеси толық қуўатқа кириўи ушын және 2-3 күн перзентиңди үйиңде сақла. Оны поликлиникаға яки балалар бақшасына алып барыўға асықпа. Неге десеңиз, бала организми еле жаңа инфекцияларға жүдә тәсиршең. Жәмийетлик орынларда ол басқа вирусты жуқтырып алыўы мүмкин. Бунысының болса алдыңғы дәрттен де аўыр кешиўи итималы бар.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…