АНАМНЫҢ ЖҮРЕГИ «ОЙНАЙДЫ»
«Анамның жүреги ара-тура «ойнап» кетеди. Бул пайытта ол қатты ҳаўлығады, аўыр аўҳалға түсип қалады ҳәм өлейин деп атырған адамдай болып, бизге ўәсият айта баслайды. Шыпакерге барыўға көнбейди. Бул қандай кеселлик? Оның даўасы бар ма? Жағдай усы барыста кете берсе, қандай ақыбетлерге алып келеди?»
Нуратдин, 23 жас
— Жүректиң «ойнап» кетиўи — жүрек аритмиясы яки жүрек экстрасистолиясы дейиледи. Анаңызда экстрасистолия, яғный жүректиң ўақтынан алдын қысқарыўы жүзеге келген. Бул — функционал ҳәм органикалық түрлерге бөлинеди. Функционал түринде нормадағы жүрек қысқарыўы инсан қатты толғанғанда жүзеге келеди. Органикалық түринде болса, жүрек өзиндеги өзгерислердиң яки ишемик кеселлигиниң асқыныўынан қысқарады. Бул кеселликти даўалаў онша қыйын емес. Тек ғана анаңыз өз ўақтында шыпакер тексериўинде болыўы, ўақтында тексериўлерден өтип, анық диагноз қойдырыўы ҳәм зәрүр емлерди толық әмелге асырыўы шәрт. Кеселликтиң даўасы бар. Лекин, бийпәрўа болып жүре берсе, бул жүрек ишемик кеселлиги, инфаркт ҳәм жүрек жетиспеўшилиги киби жаман ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.
МАГНИЙ ЖЕТИСПЕСЕ, ИНФАРКТ ЖҮЗЕГЕ КЕЛЕ МЕ?
«Еситиўиме қарағанда, организмде магнийдиң жетиспеўшилиги инфаркт кеселлигине себеп болар екен? Сол ырас па?»
Мәжит Қайпанов, 55 жас
— Алымлардың изертлеўлерине қарағанда, миокард инфарктин бастан кеширген наўқаслардың 90 пайызында, кеселлик тутқан пайытында магний затының кем болғанлығы анықланған. Буннан тысқары, жоқарыда көрсетилген кеселлик себебинен әлемнен өткен наўқаслардың жүрек булшық етлеринде магнийдиң көрсеткиши нормадан еки есе кем екенлиги де анықланды. Демек, келтирилген мысаллардан көринип турыпты, магнийдиң жетиспеўи, шынында да инфарктқа себепши болады екен. Себеби, оның жетиспеўшилиги ақыбетинде организмде қан тамырлар менен байланыслы түрли кеселликлер — қан айланыўының бузылыўы, гипертония, тахикардия, аритмия киби өзгерислер жүз береди. Сонлықтан, ҳәр бир инсан өзинде магнийдиң жетерли болыўына итибар қаратыўы тийис. Сонда ғана жүрек ритми ҳәм қан басымы жақсыланады. Буннан тысқары, стенокардия ҳәм аритмия кеселликлериниң қәўипи де әдеўир кемейеди.
Соның ушын да наўқас магний ҳәм калий элементлерине бай болған — бийдай кепеги, ири тартылған ун, собықлылар, шоколад ҳәм теңиз капустасы киби өнимлерди, сондай-ақ әнжирди, ҳурманы, қәрелини, бананды, ерикти қақлап болып тутыныў лазым.
ҲАЯЛЛАР ИНФАРКТИ НЕСИ МЕНЕН ПАРЫҚЛАНАДЫ?
«Ҳаяллар ҳәм еркеклер инфаркти бир-биринен парықланыўы ҳаққында еситип қалдым. Шынында да сондай ма? Олардың арасында қандай айырмашылық бар?»
Мәриям, 60 жас
— Ҳақыйқатында да ҳаяллар ҳәм еркеклер инфаркти бир-биринен парықланады. Итибарлысы, ҳаяллар еркеклерге қарағанда ҳәрқыйлы кеселликлерге шыдамлырақ болады. Бүгинги күнде жоқарыда көрсетилген кеселликтиң анағурлым жасарып баратырғаны сыр емес. Лекин, ол ҳаялларда тийкарынан 45 ҳәм 60 жас арасында ушырамақта. Себеби, бул пайытта оларда климакс дәўири кешип атырған болады. Бунда гейбир ҳаяллардың организминде зат алмасыўдың ҳәм гормонал алмасыўдың бузылыўы ушырасады. Нәтийжеде оларда — қызып яки суўып кетиў; қан басымының көтерилиўи; көп муғдарда кальций затының шығып кетиўи себепли аяқ-қолларда күшли аўырыўлардың пайда болыўы сыяқлы түрли-түрли тынышсызланыўлар ушырасады. Ҳаяллар аўырыўларға шыдамлы ҳәм өз денсаўлықларына итибарсыз болғанлықлары ушын да көп жағдайларда инфаркт кеселлиги жақсылап тутқаннан соң ғана емлеўханаға келеди.
Еркеклер болса тийкарынан инфаркттиң дәслепки белгилерин сезиўи менен-ақ қәниге тексериўине асығады. Сонлықтан да, бул кеселлик еркеклерде басланғыш (жеңил), ҳаялларда болса күшли (аўыр) дәрежеде анықланады. Кеселликтиң ҳәр еки жыныс ўәкиллерине салыстырып қарағандағы парқы — мине усы. Лекин, еркеклер оның жеңил дәрежесинен азап шексе де, ҳаялларға қарағанда бул кеселликке көбирек дуўшар болады. Себеби, ҳаяллардың өзиндеги руўхый аўырманлықларды шығарып жибериў (жылаў, дәртин кимгедур айтыў…) киби имканиятлары бар. Еркеклер болса, ҳәмме кеўилсизликлерди ишине жутады — бул болса жүректи зорықтырып таслайды. Сондай-ақ, олардың көпшилик бөлеги зыянлы әдетлерге (ишиў ҳәм шегиў) бериледи. Бул да инфаркт кеселлигин жүзеге келтириўши факторлардан бири болып саналады.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…