Унамсыз ойлар денсаўлықты бузады

Альфина Махмудова, АИЖС орайының врач лаборанты
RA-img

   


Шығыста былай дейди: «Нағыз душпанлары да адамға оның ойлары келтиретуғын дәрежедеги бахытсызлықларды тилей алмас».

Орта әсирдиң уллы шыпакерлериниң бири Абу Али ибн-Сина былай дейтуғын еди: «Шыпакердиң кеселликке қарсы гүресетуғын үш қуралы бар — сөз, шөп, пышақ».

Итибар бериң — «сөз» биринши орында.

Париж қаласындағы госпиталлардың биринде жас психолог Эмиль Кьи, тәўекел қылып, өтирикти ырас етип, «бас шыпакер буйырған» деп, наўқасларға күнине үш рет ямаса ойшаң түрде, ишинен 10 рет мына сөзлерди даўыслап айтыўды  миннетлеген: «Күн сайын мен өзимди кешегиге қарағанда жақсы сезбектемен». Бул сөзлер механикалық рәўиште емес, ал барынша жарқын, исенимли түрде тәкирарланыўы тийис болған.

Нәтийжеси қандай болды? Бир айдан соң усы шыпакердиң пациентлери госпиталдағы медициналық персоналдың өз-ара әжик-гүжик гәплериниң тийкарғы темасына айланды, ал соңғылығында госпиталдың ҳаўазасы пүткил Францияға таралды. Қаншелли таңқаларлық болып көринбесин, лекин факт фактлығынша қала берди: аўыр наўқаслар бир ай даўамында жазыла баслады, гейпара наўқасларға хирургиялық әмелият керек болмай қалды. Яғный, әййемги дәўирдиң уллы алымы Парацельстиң «Исеним кәраматларды жаратады» деген сөзи ҳақыйқатлыққа айлана баслады.

Бизиң денсаўлығымыз — бизиң ойларымыздың тиккелей ақыбети. Енди ҳешким де психикалық ҳәм физикалық жағдайлардың арасында тиккелей байланыс бар екенлигин гүман астына алмайтуғын болған. «Барлық кеселликлерден, қәлеген инфекциядан ең жақсы қорғаныс — булар, өз денсаўлығыңа беккем исеним ҳәм унамлы эмоциялар — дейди жигирма жылдан аслам психотерапевт болып ислеп киятырған Андрей Метельский. — Унамсыз ойлар денсаўлықты бузады. Мәселен, ашыў-ызадан асқазан-ишек жолының кеселликлери келип шығады. Иренжиўлер, барып-барып, баўыр, асқазан асты бези кеселликлерине, холециститке жетелейди».

Ең әҳмийетли психологиялық нызамлардың биринде былай делинген: «Сөзлер арқалы билдирилген муҳаббат, симпатия ҳәм тәсийин қалыўлар кимге қарата айтылса, соның энергиясын күшейтеди. Ал, жаўыз ҳәм мийримсиз сөзлер энергияны ҳәлсиретеди».

Жаман ойларға байланыслы кеселликлердиң улыўма саны ҳәзирги заманда тоқтаўсыз өспекте. Оларға қарсы турыў ушын әййемги данышпанлардың кеңеслерине әмел етиў керек — «Қаншелли қыйын болып турса да, өмирге қуўан!»

Солай етип, адамның денсаўлығы, өмири ҳәм тәғдири тиккелей оның ойларына байланыслы екен.

Жақсылықты ойласаң — жақсылықты күт.

Жаманлықты ойласаң — жаманлыққа ийе боласаң.

Биз нени мудамы ойлап жүре берсек, ойлағанларымыз «бул нәрсе, әлбетте, мениң өмиримде жүз береди» деген ықтықатқа айланады. Бундай исеним ўақыя туўдырады...

Соның ушын да, тап ҳәзирден баслап бизлер жақсылықлар ҳаққында ойлайық, тек жақсылықлардан үмит етейик. Және де: майда-шүйде нәрселерге бола қайғы-ҳәсиретке түсе бермейик!

Биз Роберт Элиоттың  (америкалық кардиолог, инфаркттың ҳәм жүрек жетиспеўшилигиниң алдын алыў бойынша танықлы қәниге) төмендеги еки алтын қәдеси менен қуралланып алайық:

— биринши қәде: түкке-турғысыз нәрселерге иренжий берме.

— екинши қәде: ҳәммеси де түкке-турғысыз.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар