Сораңыз, жуўап беремиз

RA-img

   


ҮШ ЖАСТА ДА ЕМИЗИКТИ ТАСЛАМАДЫ!

«Перзентим 3 жастан асқан болса да, елеге шекем емизикти тасламай киятыр. Тийкарында, баланы қашан емизиктен айырыў керек? Сол ҳаққында билмекшимен»

Сәлийма Ғаниева, Тақтакөпир районы

— Көплеген аналар емизиктиң зыянлы екенлигин билсе де, перзентлерин жубатыў ушын ямаса «ермек етсин, алағада болсын» деп оннан пайдаланады. Баланың емизикке үйренип қалыўы көплеген машқалаларды келтирип шығарады. Үйренип-қунығып қалған баланы емизиктен айырыў аңсат ис емес. Мәжбүрлеўлер, бул аўыншағын тартып алыўлар оның руўхыятына сезилерли дәрежеде жаман тәсир көрсетеди.

Балаға емизикти еки жасқа шекем берип қойыўдың зыяны жоқ. Егер бул жастан соң да пайдаланыўына және бир-еки жыл руқсат етсек, баланың жақ сүйеклери надурыс раўажланып, тислери қыйсық-қыйсық болып кетиўи мүмкин.

Ана нәрестесин емизиктен жуда қылыўға нийетленгенде аса сақлық пенен ҳәрекет етиўи, бақлаў-қадағалаўды тоқтатпаўы лазым. Үйренген нәрсесинен айырылған нәрестениң шыр-пыр болыўы турған гәп. Соң бармағын аўызға салыўды ямаса тырнақ тислеўди әдетке айландырыўы мүмкин.

Емизиксиз көзи илинбейтуғын балаға жумсақ ойыншықлар алып бериң, музыка қойып берип уйықлатың. Соны да умытпаң, кеселликке ушыраған ҳәм көкиректен ажыратылып атырған балаға әлбетте емизик бериў керек. Бермесең — бул, балаға қатты психологиялық соққы болып тийеди. Бала көкирек ембей қойғаннан кейин, оны кем-кемнен емизиктен де айырса болады.

 

АЛТЫ АЙЛЫҚ БАЛАҒА ҚОСЫМША АЗЫҚ

«Перзентим алты айлықтан асты. Шыпакер қосымша аўқат бериўиме болатуғынлығым ҳаққында айтты. Лекин, мен қанша урынсам да, балама аўқат жедире алмай атырман»

Сара Мухаммеджанова, Нөкис қаласы

— Бир жасына шекем бала организми керекли витамин ҳәм микроэлементлерди көкирек сүтинен алады. Соның ушын да кишкентайың аўқаттан бас тартса, буннан қәўетерленбең. Егер оған мәжбүрлеп жедирсең, балаңа зыян етип аласаң. Оның орнына, кишкентайыңыз нени жақсы көреди, соны билип ал. Оған суўда қайнатылып езилген гешир яки картошка берип көриң. Палыздан писирилген аўқат баланың иштейин ашады. Улыўма алғанда, баланы қосымша аўқатқа кем-кемнен үйретип барыў керек.

 

СОРПАНЫҢ НЕГЕ КЕРЕГИ БАР?

«Қызым сорпа ишпейди. Айтылыўлар бойынша, бала, әлбетте, сорпа ишиўи керек екен. Лекин ҳәзирги күнде көп ғана адамлар сорпаны онша хошламайды. Ырасында да, сорпа бала ушын соншелли зәрүр ме?»

Наргиза Шамуратова, Нөкис қаласы

— Сорпа пайдалы. Ол асқазан силекей қабатын тийкарғы тағамды қабыл қылыўға таярлайды. Секрецияны қозғайды, асқазанды толтырыўға жәрдем береди. Яғный көп аўқат жеп қойыўдың алдын алады. Қыста ыссы сорпа адамды тез жылытады. Сорпаға үйренип қалған екенбиз, неге енди оннан бас тартыўымыз керек? Онда пүтин аўқатланыў системасын қайтадан өзгерттирип шығыўымызға туўры келеди-ғо?! Егер бала сорпадан жүз бурса, оны буған әсте-ақырын үйретип барыў лазым.

 

НӘРЕСТЕГЕ ШЕРБЕТ МҮМКИН БЕ?

«Нәресте шөллегенде мийўе шербетин оған ишкизсе болады ма?»

Оразгүл Шеримбетова, Нөкис қаласы

— Нәресте ана сүтинен басқа ҳешқандай басқа суйықлыққа мүтәж емес. Лекин, ананың сүти аса қойыў болса, онда бөпе шөллейди. Гейде шомылдырылған соң да бөпе суйықлық ишкиси келиўи мүмкин. Бундай ўақытта ол жылап, тынышты алады, ләблери ҳәм тили қурғайды. Бала шөллегенде ҳасла оған мийўе шербетин бермең.

Шербет онда экссудатив диатезди келтирип шығарады. Буның орнына, суўды қайнатып, соң оны бөлме температурасына шекем суўытып, шайқасық пенен аз-аздан берген абзал. Жаз күнлеринде бала кешқурынлары оянып жылағанда, оған аз ғана муғдарда қайнаған суў ишкизсе болады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар