Жақында балаларымның тәрбияшысы Юлия Васильевнаны өз ханама мирәт еттим. Оның менен есапласып алыўымыз керек еди.
– Отырыңыз, Юлия Васильевна! – дедим мен оған. – Келиң, есапласып алайық. Сизге пул керек шығар, сиз болса сондай әлпәйымсиз, өзиңиз ҳеш сорамайсыз… Ал, енди қәне, сиз бенен айына отыз рубльге келискен едик пе…
– Қырқ рубльге…
– Яқ, отызға… Мен жазып қойыппан… Мен бәрқулла тәрбияшыларға отыз рубльден төлегенмен. Ал енди, сиз еки ай жасадыңыз…
– Еки ай ҳәм бес күн…
– Дәл еки ай… Менде солай жазылған. Демек сизге, алпыс рубль тийис…
Тоғыз базар күнди алып таслаймыз…, сиз Коля менен базар күнлери сабақ ислемедиңиз, тек сайран еттиңиз… оннан басқа үш байрам да бар…
Юлия Васильевна түтеп кетти ҳәм көйлегин мыжымырлап баслады, бирақ… бир сөзде айтпады!…
– Yш байрам… Демек он еки рубль жоқ… Коля төрт күн аўырды, соның ушын сабақта болмады… Сиз тек Варяның бир өзи менен сабақ таярладыңыз… Yш күн сизиң тисиңиз аўырды ҳәм мениң ҳаялым сизге түстен кейин сабақ өтпеўге руқсат берди… Он екиге жетини қосамыз – он тоғыз.
Алып таслаймыз… қалатуғыны… әне… қырқ бир рубль… Туўры ма?
Юлия Васильевнаның шеп көзи қызарып, ызғарласты. Ийеги қалтырап кетти. Ол ашыўдан жөтелип, мурнын сыпырып баслады, бирақ – бир сөз де айтпады!...
– Жаңа жылдың қарсаңында сиз чай ишетуғын чашканы астындағы тарелкасы менен бирге сындырып алдыңыз. Еки рубль жоқ дейбериң… Чашка оннан қымбат турады, ол ата-бабалардан қалған, бирақ … әй яқшы қоябериң! Қашан биз яқ дегенбиз? Кейин, сизиң дурыс қарамағаныңыз ақыбетинде Коля терекке өрмелеп кетип, көйлегин жыртып алды… Және он рубль жоқ… Yй тазалаўшы да сизиң дыққатсызлығыңыздан пайдаланып, Варяның аяқ кийимин урлап кетти. Сиз ҳәмме нәрсени қадағалаўыңыз керек. Сиз айлық алып отырсыз. Демек, және бес рубльди алып таслаймыз… Оныншы январь күни сиз меннен он рубль алдыңыз…
– Мен алмадым, – деп сыбырлады Юлия Васильевна.
– Ҳаў, менде жазылған-ғой!
– Ал, яхшы!…
– Қырқ бирден жигирма жетини аламыз – он төрт рубль қалады екен…
Еки көзи жасқа толды… Узын, шырайлы мурнынан тер шықты. Бийшара қыз!
– Мен тек бир мәрте алдым, – деди ол, даўысы қалтырап. – Мен ҳаялыңыздан үш рубль алдым… Басқа алмадым…
– Солай ма? Әне, менде жазылмаған да! Он төрттен үшти аламыз, он бир қалады… Мине, сизиң ақшаларыңыз, шырағым! Yш… үш, үш… бир және бир… Алың!
Солай етип мен он бир рубльди оған узаттым… Ол ақшаны алып, қалтырап турған бармақлары менен қалтасына тықты.
– Merci, – деп сыбырлады ол.
Мен ушып турып, өжирениң ишинде арман-берман жүрип басладым. Мениң ашыўым қайнады.
– «Merci» дегени неси? – деп сорадым мен.
– Ақша ушын…
– Ҳаў мен сизди таладым-ғой, ҳәй, тонадым-ғой! Мен сизден урладым! Не ушын «Merci»?
– Басқа жерлерде маған улыўма бермейтуғын да еди…
– Бермейтуғын еди? Таң қаларлы неси бар! Мен сиз бенен ҳәзиллестим, сизге қатаң сабақ бердим… Мен сизге барлық сексен рублиңизди беремен! Әне конверттиң ишине салып, таярлап қойыппан! Бирақ, усындай да сылбыр адам бола ма екен? Не ушын сиз айтыспайсыз? Не ушын үндемейсиз? Бул дүньяда усындай да тили-жағы жоқ адам бола ма екен? Усындай да босаң адам бола ма екен?
Ол жүзин бүристирип күлимсиреп қойды ҳәм мен оның бет-әлпетинен: «Болады!» деген сөзди оқыдым.
Мен қатаң сабақ ушын оннан кеширим сорадым ҳәм ол жүдә ҳайран болса да, оған сексен рубльдиң барлығын бердим. Ол тартынып, миннетдаршылық билдирип, шығып кетти… Мен оның изинен қарап: бул дуньяда күшли болыў жүдә аңсат-аў, деп ойладым!
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…