КЕКСЕЛИК ДӘЎИРИМЕ ХАТ

RA-img

   


Солай етип, мениң қәдирлим, кекселик дәўирге аяқ қойған ўақтыңда…

 

• Ҳеш қашан басқаларға ақыл үйретпе. Ҳәттеки, барлығын көрип-билип турсаң да, ҳақ болсаң да ақыл үйретпе. Өзиңниң жаслық ўақтыңда ойла: бул жағдай сениң ашыўыңа тиймейтуғын ба еди? Өзиң жасы үлкенлердиң ақылына қулақ астың ба?

 

• Сеннен өтиниш етпесе, кеңес бериўге асықпа. Ҳеш кимди мәжбүрлеме. «Барлық жақын инсанларымды дүньяның жаўларынан қорғайман» деп ойлама. Тек ғана шын жүректен оларға бахыт тилеп, жақсы көргениңниң өзи жеткиликли.  

 

• Налынба! Денсаўлығыңнан да, қоңсыларыңнан да, ҳүкимет басшыларынан да, перзентлериңнен де… налынба! Көшеде ҳәр кимди жаманлап отыратуғын кемпир-ғаррыға айланып қалма!

 

• Перзентлериңнен миннетдаршылық күтпе. Умытпа: бул дүньяда жақсылықты билмейтуғын перзент болмайды, ал бәрқулла перзентлеринен миннетдаршылық күтип жасайтуғын ақылсыз ата-аналар болады.

 

• Ҳеш қашан «Мен сениң жасыңда болғанымда…», «Мен саған пүткил өмиримди, жаслығымды бағышладым…», «Мен сеннен үлкенмен, соның ушын да жақсырақ билемен…» деген сөзлерди айтпа. Бул – оғада жаман қәсийет.

 

• Егер ақлықлы болсаң, олардың ҳәр бир гәпин кеўлиңе аўыр алма.

• Айнаның алдына келип: «Жаслық ўақытларым қайда кетти?» деп налына берме. Жас қызлардай болыўға емес, жасыңа сай болыўға ҳәрекет ет. Ҳәр бир жастың өзине тән әжайып тәрепи бар.

 

• Ғаррың бетлери жыйрық-жыйрық, орнынан зорға қозғалатуғын, қолынан ҳеш нәрсе келмейтуғын, орынлы-орынсыз сөйлей беретуғын болып қалса да, оны бәрқулла қәстерлеп сақла. Бул ғаррының да бир ўақытлары жас, шаққан, күшли ҳәм нағыз еркек болғанлығын умытпа. Сениң де өз ўақтыңда қаншелли гөззал, қыпша бел, жас болғаныңды тек ғана усы ғарры билетуғын шығар?! Сондай-ақ, ҳақыйқатында да сен керек болған бирден-бир инсан да усы ғаррың.

 

• Ҳеш қашан заманның изинен қуўып жетиўге ҳәрекет етпе. Заманнан артта қалып қоймаў ушын соңғы технологияларды үйрениў, жаңалықлардан хабардар болып жүриў, бәрқулла таза нәрселерди билиў… Бул сырттан қараған адамға оғада күлкили. Буның орнына өзиңе унаған нәрсе менен шуғыллан.

 

• Ҳеш қашан өзиңди айыплама. Сениң ямаса перзентлериңниң өмири оншелли жақсы болмаса да – сен қолыңнан келгенин иследиң. Бунда өзиңда айыплай берген менен пайда жоқ.

 

• Қандай жағдай болса да өз қәдириңди жоғалтпа! Өмириңниң ақырына шекем!

 

Минекей қәдирлим, усы жазғанларыма әмел ет. Сондай-ақ, және бир айта кететуғын нәрсе: егер сен елеге шекем тири болсаң – демек,  бул дүньяда кимгедур керексең.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар