БӘРШЕ ТИЛДЕ СӨЙЛЕГЕН ДАНЫШПАН

RA-img

    


         Бир заманларда Акбар исмли бир патша жасаған екен ҳәм оның Борбал исмли кеңесгөйи болыпты. Бул ўәзир патшаны бәрқулла қуўандыратуғын еди ҳәм ханның оннан кеўли тоқ екен. Сарайда және бир данышпан болыпты. Ол аўған, түрк, араб, хинд ҳам және басқа көплеген тиллерде жүдә жақсы сөйлейтуғын болған, соның ушын оның қай жерден екенин түсиниў қыйын болған.

Көбинесе, егер биреў өзиниң ана тилинен басқа бир тилди де жүдә жақсы билсе де, бәрибир оның сөзинде түсиниў қыйын болған қандайда бир түк болады. Лекин, жоқарыда атап өтилген данышпан бәрше тилдиң уллы билгири болған ҳәм олардың бәршесинде улыўма түксиз сөйлеген. Солай етип күнлердиң биринде патша, Борбалдан сорапты: «Сен маған ана данышпан қайсы елден екенин, оның ана тили қайсы: аўған ба, түрк пе яки басқа ма екенин айта аласаң ба?». Борбал, патшаның бул сораўына: «Маған жети күн мүддет бериң, соң мен сизге жуўап беремен» депти.

Күнлердиң биринде, патша сарайы мәжилиси жуўмақланғанынан соң данышпан текшеден түсип киятырған екен. Ол дәўирлерде лифт болмаған, соның ушын ҳәр ким өз аяғында минип түсиўге мәжбүр болған. Борбал данышпанды текшеде көрип, дәрҳал шыраны өширип таслапты да, қаранғыда оны ийтерип жиберипти. Данышпан текшеден домалап түсип, қәҳәри келип, ана тилинде сөгинип жиберипти. Солай етип, Борбал данышпанның ата журты Аўғаныстан екениң түсинипти.

 

«Адам аласы ишинде» дейди ата-бабаларымыз. Адамның қандай екенлигин билгиң келсе – қыйын жағдайда қалғанында оған бақ. Дағдарыс ҳалында адамның ишинде не бары сыртқа шығады. Биреў сизге унамлы мүнәсибетте болса «Мынаў жақсы адам екен» деп жалған жуўмаққа келмең. Өзлеримизде сондаймыз.



Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар