«Аўзыңа қарап сөйле!!!»

RA-img

Рәўият


Бир топар қурбақалар тоғай ишинде ўағыр-шағыр болып сөйлесип баратырған еди. Тосаттан олардан екеўи терең шуқырға гүмп ете қалыпты. Қалған қурбақалар шуқырды айлана ийелепти де, төмен үңилип, мийнетке ушыраған жолдасларына қалай жәрдем бериў үстинде бас қатырысыпты. Шуқырдың қандай қорқынышлы тереңликте екенлигин көрип, көзлери бақырайып, «Буннан шығып кетиў мүмкин емес» деген жуўмаққа келипти. Ҳәм шуқырдың түпкиринде қалғанларды тәғдирге тән бериўге шақырыпты:

«Урынғаннан пайда жоқ, бәрибир сизлер мүрдесизлер».

Бундай жазмыш пенен «келиспеген» еки қурбақа жаны барынша жоқарыға шапшыпты. Ал, жоқарыда бул ҳәрекетлерди бақлап турған қурбақалардан гейпаралары:

«Бул урыныўларың бийпайда. Айып өзлериңизде. Егерде сизлер, Қурбақалар Нызамына әмел етип, абайлы түрде, жан-жағыңызға қарана ҳәм жуўапкерли түрде ҳәр бир адымыңызды атқаныңызда бундай күйге ушырамас едиңлер» — депти. Ал, басқалары қайғылы даўыс пенен былайынша басыў айтыпты:

«Қойыңлар секирип-секелеңлеўди. Оннан қайта, күшлериңизди тежеңлер. Урына бергеннен ҳештеңе өнбейди, өйткени екеўиңиз де өлимге гириптарсызлар».

Еки қурбақа жоқарыға секириўди, шапшыўды даўам етипти. Арадан бирнеше саат өткен соң екеўиниң де димары қурыпты.

Ахыр-ақыбетте, төмендеги қурбақалардың биреўи жоқарыдан келип турған үгит-нәсиятларға қулақ асыпты, өмирден гүдерди үзип, өлимге тән берип, шуқырдың табанына жата қалыпты — аманатын тапсырыпты. Оны бундай тәғдирге көндирген жоқарыдағылар көзлерине жас алып, қайғыға батыпты.

Ал, екинши қурбақа шапшыўды тоқтатпапты. Ол ҳәр бир секириске тула-беденине жыйнаған бар күшин салар еди. Денеси қатты аўырып, бийшара жүдә қыйналыпты.

Жоқарыдағылар енди екинши қурбақа менен айланысыпты:

«Ҳаў, сорлы-аў, қояғойсаң-о! Өзиңди қыйнап нең бар? Тыныш ғана, анаў жораңа қусап, өлимиңди қабыл етсең-о!»

Ҳал-дәрманы сарқылып баратырған қурбақа барынша күшенип секире берипти, секире берипти, секире берипти…ахыры… о, тоба…  жүд-дә жоқары ғарғыпты! Ҳәм шуқырдан шығып кетипти!!!

Ғайратына тәсийин қалған дос-яранлары қаҳарман қурбақаны жан-жақтан қоршалап, сорай баслапты:

«Биз қаншелли «қояғой, бәрибир бийпайда» десек те, неге сен диң аспанға секире бердиң?»

Сораўдың мағызы неден ибарат екенлигин еринлердиң қыймылларына қарап аңғарған герең-қурбақа былай деп жуўап берипти:

«Ҳаў, сизлер еле билмейтуғын ба едиңлер? Мениң жақыннан берли қулағым аўырласып қалған. Сизлердиң ишараларыңызды, бақырып атырғанларыңызды көрип турдым. “Ҳе, булар мениң усы шуқырдан шығып кетиўиме жүдә тилеклес екен” деп ойлап, рухланып, өли-тиримди аңғармай, секире бердим, секире бердим, сыртқа шығыўға талпындым».

 

РЕДАКЦИЯДАН. Бул әпиўайы рәўиятта терең мәни бар. «Таўды-тасты жел бузар, / Адамзатты сөз бузар» деген әжайып нақылымыз бар. Оған тийкарланып, халқым былай деп ескертеди: «Аўзыңа қарап сөйле!!!»  Өйткени, бузғыншы сөзлериң кеўиллерде терең жарақатлар қалдырады. Иритки салыўшы сөзлериң биреўдиң өз мақсети жолында алға умтылыўын қыйрататуғын қуралға айланады. Қанжардай сөзлериң биреўдиң өмирине заўал болады. Табалаўшы, пәске урыўшы сөзлериң биреўдиң жәмийет алдындағы абырайын төмен түсиреди.

Соның ушын да сөзлеримизге абайлы болайық. Сөзлер оғада үлкен күшке ийе!

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар