Шыпакер мәслаҳаты

RA-img

    


 

НӘРЕСТЕНИҢ ҚАРНЫ НЕГЕ ДЕМЛЕСЕДИ?

«1 айлық нәрестемниң қарны демлесип кете береди. Соның ушын болса керек, көп жылайды. 3-4 күнде зорға ҳәжет шығарады. Бул жағдайдан мен де, балам да қатты қыйналып кеттик. Маған не мәсләҳәт бересиз?»

Перийда, 26 жас

— Бириншиден, баланы емизип болған соң кеминде ярым саат қарнын қарныңызға басып көтерип жүриң. Себеби, бала емип атырғанда оның мурнынан қарнына ҳаўа кирип қалады. Әне, сол ҳаўа шығып кетиўи ушын баланы вертикал ҳалатта көтериў шәрт. Оны емизип бола сала жатқызып қойыў надурыс.

Егер мине усы әпиўайы қағыйданы сақласаңыз, перзентиңиз сол заматта-ақ кекире баслайды, қарнына жыйналып қалған жел де дәрриў шығып кетеди. Аўырыў ҳәм шаншыўлар да жоғалады.

Баланың иши жүрмей атырғанына және неврологик машқалалар себепши болыўы мүмкин. Себеби, мийде қан айланыўы бузылса, бул өз гезегинде асқазан ҳәм ишеклерге тәсир қылады. Нәтийжеде нәрестениң иши жүрмейди. Ҳәм ол тынымсыз иш қаталаўына бейим болып қалыўы мүмкин. Сонлықтан, егер зәрүрлик болса, баланы невропатолог көригине алып барыў мәсләҳәт етиледи. Қәниге оны зәрүр тексериўлерден өткизип, анық бир жуўмақты айтады.

Сондай-ақ, өзиңиздиң де жеў-ишиўиңизге шынтлап әҳмийет қаратыўыңыз шәрт. Себеби, бәршемизге мәлим, ана тутынатуғын ҳәр қандай азық, әлбетте, балаға тәсир етпестен қалмайды.

Және мына нәрсени айрықша айтып өтиўди қәлер едим: ананың иш қаталаўға бейимлилиги ўақты келип балада да қайталаныўы мүмкин. Демек, бул машқала өзиңизде де болса, оны сапластырыўға кирисиң. Балаңыз күшке толғанға дейин имканы барынша диета сақлаң.

 

АШШЫ КОФЕ ЗЫЯНЛЫ МА?

«Достым жүдә көп ашшы кофе ишеди. Бул инсан ушын зыянлы емес пе? Сол туўралы мағлыўмат берсеңиз?»

Бахыт, 22 жас

— Саўалыңызға қәнигелер – адам кофеден узағырақ жүргени мақул, деп жуўап береди. Шыпакер бул ишимликти ҳеш кимге кеңес етпейди. Әсиресе, балалар, жаслар ҳәм орта жаслыларға. Қашан, жас 50 ден асқаннан кейин, мийде шаршаў сезилсе, онда да ашшы қылып емес, ал нормал ҳалатта, күндиз ишиўге болады. Оны көп муғдарда тутыныў ақыбетинде адам ҳәм оның нервлери кофеге үйренип қалады. Нәтийжеде кофе ишпесе, басы аўыратуғын, ашыўы келетуғын, жүреги шаншыйтуғын әдетти шығарады. Себеби, оның қурамында кофеин бар. Әсиресе, көп ҳәм ашшы қылып ишкенликтен, адам оған үйренип қалады. Бул болса жүрек ҳәм нерв системасының зорығыўына себеп болады. Әсиресе, балаларға кофе бериўди кескин қараланады. Ол мийди зыянлайды.

Егер адам жүдә ишкиси келсе, онда күнине бир стаканды азанда ямаса күндизи ишиўи керек. Бирақ, оннан артығы зыянлы есапланады. Сондай-ақ, кофе уйқы қашырыў қәсийетине де ийе. Егер ол кешқурын ишилсе, уйқы қашады, ал бундай ишиўлер турақлы тәкирарлана берсе уйқысызлық кеселлиги жүзеге келеди. Бул өз гезегинде невроз кеселлигин келтирип шығарады. Тек ғана қан басымы төменлеп кеткенде, оны бираз көтериў ушын кем муғдарда кофе ишиў мәсләҳәт етиледи.

 

ЖАТЫР ҚЫЙСЫҚЛЫҒЫ ҚӘЎИПЛИ ЕМЕС ПЕ?

«Жақында 13 жаслы қызымды айырым себеплерге гөре улыўма тексериўден өткиздим. Сонда гинеколог баламның жатыры қыйсықлығын айтты. Бул оның келешекте ана болыўына тосқынлық қылмайды ма?»

Марям, 42 жас

— Көбинше жас қызлардың жатырында антифлексия ҳәм ретрофлексия ҳалатлары гүзетиледи. Бул нормал ҳалат есапланады. Оны қызлық дәўиринде туўрылаў қыйын. Бул машқала кейиншеликте де шыпакерлер тәрепинен сапластырылмайды. Керисинше, ҳәмиледар болғанда физиологик рәўиште нормаға келип қалыўы мүмкин. Бул жағдайды қәўипли ямаса зыянлы деп болмайды. Себеби, қызыңыздың организми ҳәм жатыры еле өсиўди даўам етеди. Қулласы, қәўетерге орын жоқ.

Қызыңыз менструация көргенде, күшли аўырық оның мазасын алмай, нормада өтсе, онда кейиншелик, қызыңыз 16-17 жасларға толғанда оны және бир мәртебе УЗИ тексериўинен өткизип, жағдайында өзгерис бар-жоқлығын билип алың. Себеби, бул ўақытқа келип оның жатырындағы өзгерислер сапластырылыўы мүмкин. Ҳәзирги жағдайы перзентиңиздиң келешекте нәсилсиз болып қалыўына алып келмейди. Бундай машқалаға жолыққан ҳаяллардың ҳәмиледарлық дәўиринде саўалып ҳәм ҳеш қандай машқаласыз туўғанына шыпакерлик тәжирийбелерде дәлилленген.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар