САҚ БОЛЫҢ: БОТУЛИЗМ!

Сулухан Ибрагимова, Хожели РМБ тез медициналық жәрдем қабыл бөлими аға мийирбийкеси
RA-img

    


 

Бүгинги күнде ҳәр бир хожалықта түрли-түрли азық-аўқат өнимлеринен консервалар таярлаў әдетке айланған. Оларды таярлаўда үй бийкелериниң гигиена қағыйдаларын ҳәмде консерва басыў талапларын сақламағаны ақыбетинде аўқаттан зәҳәрлениў жағдайлары жүз бериўи мүмкин.

Ҳәзирги ўақытта үйде таярланған қыяр, помидор консерваларын пайдаланыў ақыбетинде зәҳәрлениў ҳаллары ушырап турыпты. Бүгин аўқаттан зәҳәрлениўдиң ботулизм сыяқлы қәўипли түри ҳаққында сөз жүритпекшимиз.

Ботулизм кеселлигиниң қозғатыўшысы споралар көринисинде узақ ўақыт топырақта сақланады. Споралар патас топырақ арқалы палыз ҳәм басқа да азық-аўқат өнимлерине түседи ҳәм ҳаўа жоқ шараятта көбейип, өзинен оғада күшли зәҳәр – экзотоксин ислеп шығарады. Суўда қайнатылғанда усы токсин 5-6 саат ишинде өледи.

Ботулотоксин асқазан суйықлығында пәршеленбейди. Буннан тысқары, ол өнимлердиң реңин ҳәм дәмин өзгерттирмейди. Бул токсин азық-аўқат өнимлери менен бирге организмге түсер екен, ишектен сорылып өтеди ҳәм орайлық нерв системасы ҳәмде бас мийде жарақатланыў ошақларының пайда болыўына алып келеди.

Токсинлердиң аўқат пенен организмге түсип, кеселлик белгилерин пайда қылғанға дейин өтетуғын жасырын дәўири 2-4 сааттан 18-24 саатқа шекем даўам етеди. Бул мүддет өткен соң интоксикация белгилери — улыўма дәрмансызлық, бас аўырыўы, кеўил айныўы пайда болады.

Бул кеселликке нерв системасының зыянланыўы ақыбетинде оның ләң болыў ҳалаты тән.Буның үстине, ботулизм кеселлигинде төмендеги белгилер де ушырайды:

- көриў қәбилетиниң бузылыўы;

- көз қарашығының кеңейиўи;

- қабақтың қалқыўы;

- диплопия.

Кейин жумсақ таңлай ҳәм алқым ләңленеди. Нәтийжеде жутыў, шайнаў бузылады.Аўқаттан басқаша зәҳәрлениўлерден парықлы, дене температурасының жоқары яки пәс болыўы, тамырлардың тез урыўы бул кеселлик ушын тән белги болып табылады. Бунда дем алыў да қыйынласады. Наўқас тез шыпакерге алып барылмаса, жаман асқыныўлар жүз бериўи мүмкин.

Кеселлик жеңил өткенде 2-3 ҳәпте, аўыр өткенде болса 2-3 ай даўам етеди. Ботулизмда наўқаслардың 60-70 процентинде өлим жағдайлары гүзетилиўи де анықланған.

В.Botulinus (ботулизм) токсини азық-аўқат өнимлеринде узақ ўақыт жасайды, бирақ қыздырылғанда тез набыт болады. Соның ушын өнимлерге термик ислеў бериў ботулизм пайда болыўына қарсы көрилетуғын нәтийжели илажлардан бири есапланады.

Төмендеги профилактик илажлар өнимлердиң патасланыўына жол қоймайды:

Консервалар таярлаў процессинде ҳәр бир инсан жеке гигиенаға әмел қылыўы шәрт. Зәрүр концентрациядағы дузлықты өнимлерге сиңдириў керек. Палызлар ҳәм мийўелер топырақ пенен патасланған болыўы мүмкин. Сол себептен оларды консервалаўдан алдын тазалап жуўыў шәрт.

Өнимлер ушын ислетилетуғын ыдыс ҳәм әсбаплардың тазалығы да үлкен әҳмийетке ийе.  Консерва өнимлери сақланатуғын орын салқын ҳәм қараңғы болыўы мақсетке муўапық. Консерва өнимлериниң сапасын бақлап турыў керек. Қақпағы көтерилген банкалардағы өнимлер пүткиллей жеўге жарамсыз екенлигин ядыңыздан шығармаң. Соның ушын бундай өнимлерди тезирек таслап жибериң.

Консерва таярлаў, сақлаў қағыйдаларын пухта билген соң ғана бул иске қол урың. Кери жағдайда өзиңизге ҳәм әтираптағы инсанлардың саламатлығына зыян жеткизиўиңиз мүмкин. Жас балаларға консерваланған өнимлерди бермеген мақул. Саламатлығыңыз өз қолыңызда екенлигин ҳәр дайым ядта тутың!

 

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар