Қыз баланың да, ул баланың да туўылыўына еркеклер себепши!

RA-img

— Күйеўиме ул бала туўып бералмадым ...

— Қыз туўа берген соң күйеўим менен арамызда келиспеўшиликлер пайда болып атыр ...

— Ол маған «Сениң жатырың қыз бенен сығасқан екен» деди.

— Ҳәтте ажырасыўға шекем бардық ...


Әне, усындай гәплерди ҳаяллардан еситип жүриппиз. Халқымызда ул перзенттиң туўылмағанына ҳаялларды айыплаў әдет болып кеткен. Ҳақыйқатына келсек, қыз баланың да, ул баланың да туўылыўына еркеклер себепши.

Илимде эмбрионның пайда болыўы, раўажланыўы ҳәм ҳәмилениң дөреўи толық үйренип шығылған. Оған көре, ҳәмиле жынысы Х ҳәм У хромосомалардың қосылыўынан соң айқынласады. Бунда:

Х-хромосома — қыз бала урығы,

У-хромосома — ул бала урығы.

Нәрестениң ул бала ямаса қыз бала болып туўылыўында ҳаял ҳеш қандай роль ойнамайды. Ҳаял денеси қайсы жыныстағы эмбрион болса да, оны тоғыз ай даўамында күтип-тәрбиялайды. Оның организминде болажақ ҳәмилениң туқымы бар. Ал, еркектикинде — ҳәмилениң урығы — сперматозоид бар болғанлықтан, қандай жыныста болыўын белгилеп береди. Деген менен, еркеклер өз урығында У хромосоманың болыўын қадағалай алмайды — бул Ана Тәбияттың еркинде.

Соңғы жылларда балағат жасына жеткен қызларды өмирге таярлаў, оларға шаңарақ мәденияты бойынша түсиниклер бериў бойынша жәмийетимизде көп жумыслар әмелге асырылып атыр. Лекин, негедур жигитлер арасында бундай ағартыўшылық жумыслары қанығарлы дәрежеде жүргизилип атырған жоқ. Ахыры, олар да организминде болып атырған өзгерислер, келешектеги өмири ҳаққында қызлар қатары билимге ийе болыўы керек емес пе?

Ул балалы болғысы келген көпшилик ҳаяллар ҳәмиле жынысын эмбрион пайда болыўынан алдын ҳәрқыйлы календарьлар менен есап-китап қылып, анықлаўға умтылады. Лекин, бул усыл толық исенимли емес. Ал, шыпакер-гинекологлар еки жуптың қан алмасыўына қарайды. Белгили болғанындай, ҳаялларда — ҳәр үш жылда, ал еркеклерде болса ҳәр төрт жылда бир рет қан алмасады. Солардың есабын алып, олар ерли-зайыплыларға кеңес береди. Лекин, бул усыл да толық кепилли емес — 85 процент ғана исенимли шығыўы мүмкин.

Өз сырын Тәбияттың Адамзатқа пүткиллей алдырып қоймағанлығы да бир есаптан алып қарағанда әдалатлы. Егер «ячейка» деп есапланған ҳәр бир шаңарақ ул балалы болыўға умтыла бергенде, жәмийетимизге не болып кетер еди?!

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар