НЕ СЕБЕПТЕН ЖЫРТЫҚ КИЙИМ КИЙИЎГЕ БОЛМАЙДЫ?

RA-img

    


Халқымызда жыртық кийим бәрқулла гедейликтиң белгиси болған. Сондай-ақ, кийимдеги жыртық жоқшылыққа ҳәм өмирлик энергияның орынсыз зая болыўына тийкар жаратады екен. Соның ушын да, ата-бабамыз кийимниң жыртық болмаўына итибар қаратқан, өмирине әўметсизликлердиң кирип келиўинен қорыққан.

Әййемги шығыс халықларында фен-шуй деген илим бар. Ол тек ғана үй буйымларының өжирениң ишинде қай тәризде дурыс орналастырылыўын емес, ал кийиниў мәдениятын да үйретеди.

Қәнигелердиң айтыўынша, дурыс таңланған кийим ‒ сизге жумысларда табыс алып келиў, финанслық жағдайыңызды жақсылаўы ҳәм өзиңизди бахытлы сезиниўиңизге имканият жаратыўы мүмкин екен. Соның менен бир қатарда, жыртық кийим фен-шуй илими бойынша, керисинше, сизге зыян тийгизиўи мүмкин екен. Онда жазылыўынша, көплеген адамлар әмелге асыратуғын ең жаман ҳәрекет ‒ жыртық кийим кийиў. Мәселен, дизеси жыртылған жаңа «мода»дағы джинсы кийип жүрген жас жигит-қызларды тәжирийбели кексе әўлад ўәкиллери көрген ўақтында басын шайқап қойыўының себеби ‒ олар бундай кийиниў жаман ақыбетлерге алып келиўин жақсы биледи. Фен-шуй илиминде де жыртық кийимлерди таслаў ҳәм кийимге болған мүнәсибетти өзгертиў керек екенлиги жазылған.

Бизде де әййемги ўақытлары мынандай ырым болған: егер кийимде тесик пайда болса, демек оның ийесиниң денсаўлығында машқала жүзеге келиўи мүмкин. Яғный, жыртық кийим инсанның материаллық жағдайына ҳәм денсаўлығына зыян тийгизеди деп есапланған. Сондай-ақ, жыртық кийим жарлылықтың айқын көриниси де болған. Өйткени, жыртық емес, таза кийимлерди тек ғана бай адамлар кийген.

Кийимниң жыртығынан табыс, әўмет ҳәм жетискенликлер тез арада шығып кетеди. Себеби, саламатлық, бахыт, бағ-дәўлет, пәраўанлық сыяқлылар сынық, жарық, жыртық, тесик нәрселерди жақтырмайды.

Ҳәзирги айырым жаслар жыртық футболка, шалбарларды ҳеш қандай ойланбастан кийип жүре береди. Бирақ, бул жақсы емес. Буннан бир неше жыллар бурын адамлар жарлылықтан жыртық кийим кийген ҳәм ол қаншелли «мода» болса да, бизлердиң сана астымызда тек ғана унамсыз реакция пайда етеди. Сана астымыздағы бундай реакция өз-өзинен бизлерди машқалаларға дусластыра береди.

Жуўмақлап айтқанда, жыртық кийим кийиў арқалы биз өзимизге әўметсизликти шақырамыз. Соның уушын да, бундай киййиниўден бас тартың. Өйткени, ҳеш қандай мода булардан үстем емес.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар