Мениң пикиримше, адам аязлаў менен байланыслы кеселликлерге шалынғанда, организми инфекцияға қарсы гүресе алыўы ушын ол, әлбетте, аўқатланыўы керек. Лекин, айырымлар «Бул пайытта ашлық пайдалырақ» дейди. Қайсымыздыки дурыс?
Гүләндан, 28 жас, Хожели каласы
Саўалға жуўап бериў ушын еки түрли жағдайды көрип шығыўымыз керек.
Биринши жағдай – бийтапсаң, лекин иштейиң жоғалмаған. Бундай жағдайда организм талабына қулақ тутыўың ҳәм оны зәрүрли азықлар менен тәмийинлеўиң керек. Демек, бул жағдайда сен ҳақсаң: инфекция агентлерине қарсы гүресиў ушын иммунитетке күш керек болып атыр. Ыссылық көтерилгенде зат алмасыў төменлейди, организм қосымша, мәдет күшке талап сезеди.
Әлбетте, аўқатланыў рационыңа сорпа, мийўе-палызларды, олардан таярланған ишимликлерди ҳәм т.б. кирит. Аўыр тағамлардан (майлы гөш), әсиресе, зыянлы аўқатлардан (фастфуд, ширинликлер, спирти ишимликлер) кесгеллем бас тарт.
Екинши жағдай – ҳеш нәрсе жегиң келмей атыр. Бирақ, сен өзиңди бир нәрсе жеўге мәжбурлеп атырсаң. Бундай қылма, себеби иштейдиң жоқлығы, асқазанның аўқатлардан бас тартыўы — организмниң сеннен барлық «ишки ислерден» азат етиўиңди сорап атырғаны. Егер, сен бир күн аўқатланыўдан бас тартсаң, баўырың кеселлик қоздырыўшы микробларға ямаса вирусларға қарсы турақлы ҳәрекет ететуғын антителалар ислеп шығарыўға кирисе алады.
Улыўма алғанда, аўқаттың сиңиўи – организм ушын көп күш ҳәм ўақыт талап ететуғын ең қыйын ҳәмде машақатлы процесс. Әдетте, аўқатланыўдан бир күн тыйылыў — баўырдың өз жумысын ислеўи, яғный тийисли антителаны анықлаўы ҳәм ислеп шығарыўы ушын жетерли мерзим. Медицинада буны «ашлық-диеталық терапия» дейди. Антителаны тезирек табыў ушын организмниң өзи ыссылықты көтереди. Сонда барлық процесслер тезленеди. Демек, антителаны табыў ҳәм оны ислеп шығарыў ўақты қысқарады.
«Ашлыққа шыдай алмаспан, кеселликке қарсы гүресиўге күшим жетпес», деп сирә қорықпаң. Ҳәр бир организмде зәҳийра — тәмийинлеп туратуғын «склад» болады. Соның ушын да, бир күн ҳештеңе жемей жүриў ашлыққа жатпайды ҳәм ол енди басланып киятырған кеселликти жеңиў ушын жетерли. Есиңде болсын, ашлықтан кейин бирден аўқатланбаў керек. Баўырға бирден көп күш түсип кетпеўи ушын аўқат жеңил ҳәм азырақ муғдарда болыўы лазым. Биринши күни аўқатқа кирисерден әўел алдыңдағы продуктлардың витамин С-ға қаншелли бай екенлигине айрықша итибар бер. Көбирек гешир ҳәм мийўелер же. Бундай тағамлар иммунитетти беккемлеўге жәрдем береди. Бир бапта суйықлық ишип турғаның мақул. Екинши күни де сол тәризиңди тәкирарла. Бул күнлери гөш ҳәм сүтти тутынбаған мақул.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…