Япон ҳаялларының 40 жаста да 20 жасардай көриниўиниң сыры неде?

RA-img

Японлар узақ өмир көриў бойынша дүньяда екинши орында турады, бул миллет ўәкиллери орташа 83 жасқа дейин жасайды. Буннан тысқары, японлар неше жаста болыўына қарамастан қалайынша жас көриниўи көпшилик ушын қызық есапланады. Төменде итибарыңызға япон ҳаяллары жас көриниўиниң 5 себебин усынамыз.


Палыз ҳәм жармалар япон тағамларының тийкарын қурайды

Япон ҳаял-қызларының қәўмети келискен болыўының себеби олардың аўқатланыў рационы менен байланыслы. Аўқатланыўына нәзер тасланса, палыз, мийўе ҳәм дәнли, теңиз өнимлери, тийкарынан балық, гүриш орын алғанына гүўа болыў мүмкин. Ең тийкарғысы, япон асханасына тән аўқатларға дуз ҳәм қара бурыш қосылмайды, оның орнына соя ҳәм өсимлик майынан таярланған ийисли татымлықлар (приправа) ислетиледи.

 

Балалықтан дурыс аўқатланыўға итибар қаратылады

Японлар перзентлерине жаслығынан тәбийий өнимлерден таярланған аўқатларды қабыл етиў керек екенлигин уқтырады. Буннан тысқары, бир күнде бала қанша муғдарда не қабыл етиўи керек екенлиги тийкарында тағам таярланады.

 

Япон ҳаяллары жүз терисин қуяш нурынан сақлайды

Жылдың қәлеген мәўсиминде япон қыз ҳәм ҳаяллары ультрафиолет қуяш нурынан нәзик ҳәм сезиўшең терисин сақлаўға ҳәрекет етеди. Ҳешбир япон ҳаялы көшеге қуяш нурынан қорғайтуғын крем сүртпестен шықпайды.

 

Териниң күтими японлар ушын әпиўайы ҳал

Япон философиясына қарағанда адам денеси ўақытша берилген болып, оны сақлаў ҳәм абайлаў керек. Соған әмел еткен ҳалда ҳаяллар териге айрықша меҳир көрсетеди, жатыўдан алдын түнги, жүзди азықландыратуғын нықапларды қояды. Сондай-ақ, япон ҳаяллары косметикасы арасында түрли лосьон, маска ҳәм кремлерди ушыратпайсыз. Бир-бирине реакция бермеўи ҳәм териге зыян жеткермеўи ушын анық бир өнимлерден пайдаланылады.

 

Япон ҳаяллары эстетикалық процедуралардан ақылға муўапық пайдаланады

Массаж япон гөзаллық салонларында ең көп талапқа ийе процедура есапланады. Пилинг, инъекция ҳәм пластик операцияларға японлар унамсыз қарайды. Олардың пикирине қарағанда, бул сыяқлы процедуралар адам организми ушын зыянлы ҳәм агрессив тәсир етеди, ўақытша сулыў көринген дене бөлими бираз ўақыттан кейин ески ҳалынан да беттер көриниске келиўи мүмкин. Оның орнына тәбийий өнимлерден пайдаланыў, дене тәрбия ҳәм таза ҳаўада айланыў, дурыс аўқатланыў керек, дейди японлар.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар