Доктор Джанис Салливан (профессор, педиатр ҳәм клиникалық фармацист) ыссылық негизи бизге душпан емес екенлигин айтады. Оның айтыўына қарағанда, жоқары температура бул организмниң инфекцияларға қарсы гүреси есапланады. Дене температурасы көтерилгенде организмде инфекциялар менен гүресетуғын ақ қан дәнешелери де көбейеди. Бул ақ қан дәнешелери вирус ҳәм бактерияларға қарсы тынымсыз гүреседи. Егер ыссылықты жасалма тәризде түсирсеңиз, организм инфекциялар менен жақсы гүресе алмайды ҳәм кеселлик созылып кетеди.
Педиатр Доктор Свансонтың усыныс етиўине қарағанда, ыссылыққа емес, ыссылығы көтерилген балаға итибар бериў керек. Егер ыссылығы жоқары бала жетерли суў ишип атырған болса, ойнап атырған болса ҳәм көриниси жақсы болса, ыссылықты түсириўдиң кереги жоқ.
Доктор Чоу-Джонсон дене температурасының көтерилиўи туўралы төмендеги пикирлерди билдиреди:
Ыссылық қәўипли емес. Ыссылығы көтерилип атырған баланы дәри ишириў ушын оятпаң. Ол ушын ҳәзир уйқы әҳмийетли ҳәм пайдалырақ.Ыссылығы көтерилип атырған бала жетерли суў ишип атырған болса, жетерли киши дәретке шығып атырған болса ҳәм сизге жуўап беретуғын болса – ыссылықты түсириўдиң кереги жоқ. Керисинше болса, медициналық жәрдем керек болады.
Мақсетиңиз ыссылық түсириў емес, ал ыссылығы көтерилип атырған балаға комфорт жаратыў болсын. Балаға комфорт жаратыў ушын оған көбирек суйықлық ишириң. Баланың терисине спирт ямаса арақ жақпаң, себеби спирт тери арқалы қанға сиңеди.
Ыссылық түсиретуғын дәрини тек ғана бала өзин жүдә жаман сезсе бериң, яғный сонда да мақсет ыссылықты түсириў емес, ал бала өзин жақсы сезиўи (комфорт) ушын болыўы тийис.
Дәрилерди араластырып берип тасламаң, бул дозаның асып кетиўине алып келеди ҳәм зыян етеди.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…