Баланы ерте оятыў көпшилик үлкенлер ушын жүдә қыйын жағдай. Әсиресе, қыстың күнлеринде оятыўды айтпайсыз ба? Не ушын бала ерте азанда ояныўға қыйналады ҳәм оны қалайынша тез ояныўға үйретсе болады?
Бул нормал жағдай
Күнниң қараңғы бөлегинде, қыс күнлеринде еле әтирап жақтыланбағанша уйқылаў адам ушын тәбийий физиологиялық процесслерден бири. Өйткени, адамдағы физиологиялық ҳалатлардың барлығы қуяш шығыўына ҳәм батыўына қарап режелестириледи. Сол тийкарда уйқыға кетиў де, азанда ояныў да. Күнниң қараңғы бөлегинде түнде адамның уйқылаўға кетиўи ушын мелатонин гормоны ислеп шығарылады. Күн жақтыланып, қуяш шыққаннан кейин болса бул гормон кортизол гормоны ислеп шығарылыўы менен алмасады. Кортизол гормоны уйқыдан кейин тетиклесиўге ҳәм организмди энергия менен байытыўға жәрдем береди. Гормон ислеп шығарылыўының көбейген бөлими қуяштың ең жоқары шоққыға көтерилген ўақтына туўры келеди. Бул тәбийий процесс балаларда да бирдей. Бирақ жаўын жаўған күнлерде жақтылықтың бираз кемейиўи себепли организмде кортизол гормоны ислеп шығарылыўы кемейеди. Соның ушын да бундай ҳаўа райында балалар өзин уйқысырағандай, бираз шаршағандай сезеди.
Барлығы өз ўақтында болғаны жақсы
Негизи баланың тынығып уйқылағаны оның саат нешеде турғанына емес, неше саат уйқылағанына байланыслы. Киши жастағы мектеп оқыўшылары суткасына 9-10 саат уйқылаўы тийис. Бираз үлкенлеў балаларда болса тап үлкенлер сыяқлы уйқы ўақты 8-9 саатты қураўы лазым. Егер бала бул көрсеткиштен аз уйқылаған болса, азанда ояныўында қыйыншылықлар пайда болады.
Тынығып уйқылаўға не тосқынлық етеди?
Нормада бала организминдеги тәбийий биоритмлер үлкенлер сыяқлы ҳәрқандай күн тәртибине ийкемлесе алады. Бирақ бунда оны бул тәртипке дурыс үйретиў, ийкемлестириў баслы ўазыйпалардан бири саналады. Уйқы сапасына ең көп тәсир көрсететуғын факторлардан бири бул бала күн тәртибиниң тез-тез өзгериўи есапланады. Бала базыда ерте уйқылаўға жатады. Ертеңине болса бир нәрсе себеп болып бираз кешлеў уйқыға жатыўы себепли күн тәртиби улыўма өзгерип кетеди. Буның ақыбетинде азанда тура алмайды, биринши сабаққа да кешигеди. Соның ушын да қәнигелер ата-аналарға баланы өз ўақтында уйқылатыў ҳәм белгиленген ўақытта оятыў әҳмийетли екенлигин көп айтады.
Баланы жатыўдан алдын аўқатландырмаң
Баланың тынығып уйқылаўына тосқынлық ететуғын және бир фактор бул, кешки аўқатлардың көбейип кетиўи есапланады. Балаға уйқылаўдан алдын түрли ширели затлар, ишимликлер иширмеўге әдетлениң. Себеби олар қанда қант муғдары көтерилиўине себеп болады ҳәм уйқы сапасының бузылыўына алып келеди. Нәтийжеде кортизол гормоны ислеп шығарылыўы төменлейди.
Балаға уйқылаўынан алдын ҳеш нәрсе бермең. Қалаберди, бала уйқылайтуғын бөлме жақтыландырғышлары да жүдә жақты болмаўына итибар бериң. Азанда оятыўдан алдын болса бөлмени имканы барынша жақтыландырыўға ҳәрекет етиң. Бул уйқыдағы организмди тезирек «оятыўға» жәрдем береди.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…