АЖЫРАСЫЎ ДЕГЕН ТYСИНИК ЖОҚ

RA-img

            Егер ҳаял турмыста бахытлы болыўды қәлесе, ол күйеўиниң минезин түсинип алыўы керек ҳәм оның гәпинен шықпаўға ҳәрекет етсин. Ҳаялдың жеңиси – усыда! Ертеде уллы патшалардың қызлары да күйеўлери менен болған мүнәсибетте өзлерин күйеўиниң хызметкери киби тутқан. Ҳаял қай дәрежеде уллы болмасын, ол өзин күйеўи менен әйне солай тутыўы тийис. Басқаша айтқанда, ол күйеўиниң қәлеген тапсырмасын орынлаўға таяр турыўы керек ҳәм бәрқулла оны қанаатландырыўға умтылсын. Тек сол ўақытта ол бахытлы болады. Ал, егер ҳаял күйеўи киби шатақ ҳәм талапшаң болса, олардың турмысы тек қәўетерден ибарат болады ҳәм ақыры бузылады.

Ҳәзирги дәўирдиң ҳаяллары түрли себеплерди таўып, күйеўлерине бойсынбай атыр ҳәм сонлықтан көпшилик шаңарақлар әйтеўир нәрселерден бузылып кетпекте. Я күйеўи, я ҳаялы ажырасыўға арза береди. Лекин, көп шығыс журтларында ажырасыў деген түсиниктиң өзи жоқ, себеби, бул журтларда ҳаял-қызлар күйеўине бойсыныў кереклиги үйретиледи. Батыс еллеринде болса бул жағдай ҳаяллардың қуллығы деп есапланады, бирақ ҳақыйқатында олай емес.


      

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар