Еркеклер ҳаяллардың өтинишлерине мүтәж

RA-img

Егер еркек ҳаялынан өтиниш еситпесе, онда ол «Мен оған керек емеспен!» деген жуўмаққа келеди. Ҳайран қаларлық пикир. Оның, өзи билген ҳақыйқаты бар. Еркек жақсы көрген ҳаялының машқаласын шешкиси келеди, ал ҳаял машқала ҳаққында сөйлемейди, ол мәселе қоймайды, ҳаял «күйеўимниң өзи менде қандай машқала, қандай мүтәжлик бар екенин түсинип алыўы керек» деп ойлайды.

Еркек анық буйыртпа күтеди: «Қәдирданым! Бириншиден мынаны ислеў керек, екиншиден мынаны, үшиншиден болса ананы, ҳаў айтқандай төртиншиси де бар екен-ғой, өтиниш ислеп жиберш…». Гейбир ҳаяллар «Ҳаў! Мен күйеўимнен өтиниш етип көрдим, лекин ол ҳеш нәрсе ислемейди!» деўи де мүмкин.

Жуўап мынадай: Не ушын күйеўиңиз өтинишиңизди бежермейди? Өйткени, бул жүдә әҳмийетли нәрсе жетиспейди: мысалы сиз күйеўиңизден бир нәрсени бежериўди сорадыңыз, ол орынлады ҳәм буннан кейин сизде оның исине таңланыў ҳәм мақуллаў болыўы керек. Сонда күйеўиңиз сиз бенен болған усы мүнәсибеттен қуўанышты, өзин керекпен деп сезеди: «Мен ҳаялымның өтинишин орынлап едим, ол маған таң қалады, мен оны таң қалдырдым!» Ол бул сезимди және бир мәрте басынан кеширгиси келеди, ол және бир мәрте ҳаялының мақуллағанын ҳәм таң қалғаның сезгиси келеди. Солай етип, ол «Не ислейин? Қәне, айт. Және не сатып әперейин? Және не алып келейин?» дейди.

 


    

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар