Дүнья халықлары арасында ең узақ өмир көретуғынлар Кавказ ҳәм Орта Азияда жасайды екен. Бул қатарда бизиң адамлар да бар екенлиги адамды қуўандырады.
Узақ өмир көриў себеплеринен бири – бул көк шөплерди молдан қабыл етиў екен. Әлбетте, көк шөплердиң қандай қәсийетлери бар ҳәм олар нелерге пайда екенин билгеннен кейин, неге көк шөп жейтуғынлар узақ өмир кешириўин билип аласыз.
1. Укроп.
Укроп киши дәретти шығарыў қәсийетине ийе. Ол уйқысызлықта, нерв бузылыўында жүдә пайдалы. Асқазанның желлесиўиниң де алдын алады.
2. Райхан.
Райхан аўқат сиңиўин жақсылайды, иштейди ашады. Және укроп сыяқлы киши дәретти жүргизиў ҳәм нерв системасын беккемлеў қәсийетине ийе.
3. Қозы қулақ (щавель).
Қозы қулақ денеде қан ислеп шығарылыўында әдеўир пайдалы көк шөп есапланады. Бул да аўқат сиңиўин жақсылап, киши дәретти жүргизиў қәсийетине ийе.
4. Салат жапырағы.
Салат жапырағы нерв системасын беккемлеп, уйқысызлықтың алдын алады. Және қан басымын түсирип, асқазан искерлигин нормада услап турады. Бул көк шөп денедеги қан тамырлары дийўалларын беккемлейди.
5. Сельдерей.
Сельдерей улыўмалық қуўатландыратуғын ҳәм микроб өлтириўши сыпатында ислетиледи. Және нерв, эндокрин ҳәм ас сиңириў системаларына унамлы тәсир етеди.
6. Петрушка.
Петрушка дене тонусын күшейтеди ҳәм кислород алмасыўын жақсылайды. Және капилляр ҳәм артерия қан тамырларын беккемлеп, жүрек искерлигин жақсылайды. Бүйрек ҳәм киши дәрет қалтасында таслар жыйналмаўына ҳәм көриў қәбилетиниң төменлеп кетпеўине жәрдем береди.
7. Көк пияз.
Көк пияз кеселлик тарқататуғын микробларды өлтиреди ҳәм киши дәретти жүргизиў қәсийетине ийе. Тағы органларда тас пайда болыўының алдын алады ҳәм иштейди ашады. Буннан тысқары, қан кеселликлеринде, грипп, витамин жетиспеўшилигинде емлеў ҳәм алдын алыў ушын нәтийжели көк шөп есапланады.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…