Қан – өмир бериўши суйықлық, ол адамның жүрек-қан тамыр системасы бойлап ағып, пүткил денени, орган ҳәм тоқымаларды кислород ҳәм азық-элементлер менен тәмийинлейди. Адам организминдеги барлық процесслер қан жәрдеминде әмелге асады.
Қан инфекцияларға қарсы гүреседи, зат алмасыўынан артып қалған шығындыларды сыртқа шығарыўға үлес қосады. Қан плазма ҳәм формалы элементлер: эритроцитлер, лейкоцитлер ҳәм тромбоцитлерден қуралған. Қанның реңи эритроцитлер қурамындағы гемоглобин есабына қызыл болады. Лейкоцитлер иммунитет «әскерлери» есапланады. Олар бизди түрли микроблардан қорғайды. Тромбоцитлер болса жарақаттан көп қан кетпеўи ушын қан уйыўына жуўап береди.
Тиккелей тромбоцитлер қанның қойыўлығына тәсир етиўши элементлер болып табылады. Қойыў қан тамырларда жүдә әсте ағады ҳәм кеселликке себеп болады. Себеби бунда тоқымаларға керекли азық-элементлер жетип бармайды ҳәм денедеги артықша иллетлер шығып кете алмайды. Буннан тысқары, жүдә қойыў қанды айдаўда жүрек тез шаршап қалады.
Қан айланыў системасы дәрьяға уқсайды. Дәрья ҳәм оның каналларында суў толып ақса, оларды тосып болмайды. Бирақ дәрья суўы азайса ямаса батпақ араласса, каналлардағы ҳәрекет те пәсеңлейди. Қан қойыўласқанда да усындай жағдай болып өтеди.
Қартайыў, организмде суў жетиспеўшилиги, ас сиңириў системасындағы созылмалы кеселликлер, дисбактериоз, толық аўқатланбаў, сапасыз ҳәм гөшли аўқатлар, фермент жетиспеўшилиги, түрли вирус ҳәм бактериялар, күшли зорығыў, стресс, алкоголь, темеки, кем ҳәрекетлилик, патасланған ҳаўа ҳәм жүдә ыссы ҳаўа райы қан қойыўласыўына алып келиўши тийкарғы себеплерден есапланады.
ҚАН ҚОЙЫЎЛАСҚАНЫН ҚАЛАЙ БИЛСЕ БОЛАДЫ?
Қан қойыўласыўы адам организминдеги ҳәрқандай орган ҳәм системаға үлкен зыян жеткериўи мүмкин. Себеби қойыў қан клеткаларға кислород ҳәм азық-элементлерди керекли муғдарда жеткерип бере алмайды, нәтийжеде зыянлы газлерди организмнен ийтерип шығара алмайды. Буның ақыбетинде жасырын кеселликлер жүзеге шығыўы ҳәм жаңалары пайда болыўы мүмкин.
Қаны қойыў адамларда улыўмалық ҳәлсизлик, тез шаршаў, уйқышыллық, тез-тез бас аўырыўы, қол ҳәм аяқлар суўық болыўы, жыбырлаўы, естен шығарыўлар, депрессия, аўыз кебиўи сыяқлы белгилер сезиледи. Булардан тысқары, жүрек тез урыўы, дем қысыўы, денениң түрли бөлимлеринде көгериўлердиң пайда болыўы, тырнақ формасы өзгериўи, сана искерлигиниң төменлеўи сыяқлылар да ушырасады.
Мийге қан жақсы жетип бармаса, бас айланыўы, естен кетиў итималы да бар.Изертлеўлерде анықланыўына қарағанда, қан қойыўласыўына алып келиўши тийкарғы себеплерден бири аз суў ишиў екен. Бул иш қатыўына, аз сийиўге себеп болады. Нәтийжеде артықша элементлер сыртқа шығып кетпестен, қанға сорылып, оның қурамын және де айнытады.
Соның ушын, шыпакерлер илажы барынша көбирек суў ишиўди мәсләҳәт береди. Саламат адам күнине кеминде 2 литр (жазда 3 литр) суў ишиўи тийис.
Қан қойыўласыўының алдын алыўда арнаўлы аўқатланыў тәртибине әмел етиў ҳәм тәбийий демлемелерден тысқары, ишиў-шегиўден шеклениў, белсенди ҳәрекетте болыў жүдә әҳмийетли. Илажы барынша, көбирек пияда жүриў ҳәм ерте азанда таза ҳаўада дене тәрбия ислеў де жақсы нәтийже береди.
Қан қойыў болғанда адамға анық бир белги сезилмейди. Соның ушын ҳәр жылы 1-2 мәрте қанның улыўмалық анализи, қан уйыў дәрежеси ҳәм қан тамырлары жағдайын тексертип турыў керек.
Егер анализ тапсырғанда қан қойыўлығы анықланса, тезирек буның себебин билиў тийис. Өйткени қан қойыўлығы айрықша кеселлик есапланбай, қандай да бир кеселликтиң белгиси болыўы да мүмкин. Буннан тысқары, қан қойыўлығы қан басымы көтерилиўине, тромб пайда болыўына, кейин болса инфаркт ҳәм инсультқа алып келиў итималы да жоқ емес.
Қан қойыўласыўын емлеўде жетерли муғдарда суў ишиў, қанды суйылтыўшы өнимлерди қабыл етиў ең қолай усыл есапланады. Айырым жағдайларда, мәселен, кекселерде қан қойыўласқанда қурамында аспирин болған дәрилер қабыл етиледи. Бул усынысты шыпакер береди.
Қуўырылған аўқатлар қан қойыўласыўына алып келеди. Соның ушын, тийкарынан, демлеп, қайнатып ҳәм пуўда таярланған аўқатларды қабыл етиў мақсетке муўапық.
ҚАНДЫ ҚАЙСЫ ӨНИМЛЕР СУЙЫЛТАДЫ?
Тәбийий ҳәм зыянсыз тәризде қанды суйылтыў ушын төмендеги өнимлерди аўқатларыңыздың қурамына киргизиў усыныс етиледи.
– помидор, ләблеби, қыяр;
– алма, қәрели, әнар, әнжир, тут мийўелери;
– цитрус мийўелер: лимон, грейпфурт, киви;
– имбирь, сарымсақ (чеснок), сельдерей, бурыш ҳәм пияз;
– Айғабар пистеси (семечка), барлық ғоза түрлери;
– өсимлик майлары: айғабағар, зайтун, зығыр майы ҳәм басқалар;
– жүзим, қәрели мийўелери ҳәм олардың қақланғаны, кишмиши;
– аўқатқа қосылатуғын приправалар: куркума, тимян, имбирь, корица, жалпыз (мята).
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…