«Шопоголизм» Ямаса саўда етиў ғулғуласы кеселлик пе?

RA-img

Сиңлим 18 жаста. Жас болыўына қарамастан кийим-кеншек сатып алыўға өш. Қанша айтсақ та пайдасы болмай атыр. Бир кийген кийимин екинши мәрте киймейди. Не ислесек, оны бул «ғулғула»дан қутқарыўымыз мүмкин?

Наргиза, Нөкис


 «Японларда минимализм деген түсиник бар. Бул өмирдеги мүтәжликлерди имканы барынша қысқартыўға арналған. Оларға жасаў ушын көп болса, ени де, бойы да бир метр шығатуғын хана, бир данадан көрпе-төсек, бир жуп ыдыс-табақ, 2-3 кийим жетип артады. Бундай орынлы қысқартыўлар ҳәм ўақытты, ҳәм пулды тежейди».

 

ОНИОМАНИЯ – САЎДА ЕТИЎГЕ БОЛҒАН ҚАРАМЛЫЛЫҚ

Бүгинги күнде айырым инсанларда сондай жағдайлар гүзетилмекте, қанша саўда қылса да кемлик етеди. Және ҳәм және сатып алыўға мүтәжлик сезеди. Негизинде, бул да инсанлардағы руўхый бузылыў болып, медицинада ониомания (грекше «ониос»-сатып алыў, «мания»-ақылсызлық) деп жүритиледи.

Ғалаба хабар қуралларында болса бул түсиник ушын «шопоголизм» атамасы кең қолланылады. Изертлеўшилердиң көрсетиўинше, шопоголизм көбирек ҳаял адамлар арасында ушырасады. Бунда, әлбетте, рекламалардың орны гиреўли. Реклама етиўшилер өнимниң ҳақыйқый сапасын баҳалаў емес, бәлким сол өнимди сатып алыўға руўхый жетелеўге итибар қаратады екен. Бир қарағанда, ҳәммеси қыялый сыяқлы сезиледи. Лекин, реклама жаратыўшылар тийкарынан инсанның ең нәзик сезимлерине тәсир етеди: «Сиз буған ылайықсыз», «Сизге қызғаныш пенен қарайды», «Биз сизге сондай имканиятты жаратып беремиз» сыяқлы сөзлер ҳешбиримизди итибарсыз қалдырмайды, дурыс емес пе?

Көп саўда ислеўге болған қарамлылықты кеселлик сыпатында биринши болып атақлы немец психиатры Эмиль Крепелин үйренген. Ол буны шизофрения ҳәм ғулғуланың бир түри сыпатында баҳалаған. Ол жаңа табылған кеселлик наркологиялық кеселлик сыяқлы инсанда қарамлылықты қәлиплестириўин айтады.

Шопоголизм төмендегише көринисте болады:

• Магазинге анық бир нәрсе алыў ушын емес, ўақыт өткериў ушын ғана барыў;

• Қандай да бир затларды сатып алыўдан өзин тыя алмаў;

• Қымбат ҳәм керексиз затларды сатып алғаннан соң ғәзеплениў;

• Бәрқулла сатып алған нәрселерин ойлап жүриў;

• Саўда ислеўге күшли мүтәжлик сезиў.

Шопоголизм тийкарынан, материаллық пәраўанлықты тәмийинлеўге итибар жоқары болған шаңарақларда тәрбияланып атырған балаларда гүзетиледи. Бундай ата-аналар перзентлери ушын артықша ўақыт таба алмайды ҳәм өз «муҳаббат»ларын саўғалар арқалы көрсетиўге ҳәрекет етеди. Нәтийжеде бала инсанийлық сезимлерин пул менен өлшеўди үйренеди.

Шопоголизм, керисинше, кәмбағаллық нәтийжесинде де пайда болыўы мүмкин. Бунда инсан қолына пул түсиўи менен оны орынсыз сарыплайды ҳәм алдын жоғалған нәрселер орнын толтырыўға ҳәрекет етеди.

Қалай алдын алыў мүмкин?

• Балаларға тек ғана пул емес, ўақыт та сарыплаўды үйрениң;

• Ҳешқашан шегирмеси болған өнимлерди сатып алмаң;

• Бәрқулла нақ пулда саўда ислең;

• Базарға барыўдан алдын алатуғын нәрселериңиздиң дизимин жазың ҳәм оннан басқа ҳеш нәрсе саўда ислемең;

• Саўда ислеў ушын баратырғаныңызда қалтаңызда кемирек пул болғаны мақул;

• Егер қандай да бир нәрсе сизге унаған болса да, оны дәрҳал сатып алмаң. Бул исти ертеңге қалдырың. Тәбийий тәризде, көзден узақласқаннан соң қәлеў де сөне баслайды.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар