Урлық психикалық аўыў болып есапланады ҳәм балалықта кемнен-кем байқалатуғын кеселлик сыпатында қаралады. Балалардағы урлық оның руўхыятының бузылыўына байланыслы.
СЕБЕПЛЕРИ
Баланың ҳәр бир жасындағы урлықтың өз себеплери бар. Мектепке шекемги жаста болған баладағы урлық себеплери:
• Қандай да бир нәрсеге ийе болыў қәлеўиниң күшлилиги. Мәселен, достындағы жаңа ойыншық арзыўы. Бул баланың сол ойыншықты урлап алыўына себеп болады. Бунда бала «меники», «сеники», «оныки» ҳәм «ҳәмменики» сыяқлы түсиниклерди адастырып жибереди. Бирақ ойыншыққа болған арзыў түбинде ата-ананың перзент қәлеўлери менен қызықпағаны жатады.
• Баланың өз жақынларына ненидур саўға етиў қәлеўи себепли урлық етиўи. Демек, балаға ата-ана тәрепинен кемнен-кем саўға берилмекте ҳәм бул қәлеўди басқаларға көрсетип, өзинен кеўли толыў нийети пайда болмақта. Көбинесе балалар анасына өзиниң урлық өнимин инам етеди. Бул балаға ана тәрепинен меҳир берилмей атырғанлығының яки бала тәрбиясында этикалық тәрбия ақсап атырғанлығын билдиреди.
• Басқаларды өзине қаратыў мақсетинде урлық етиў. Биреўдиң нәрсесин өзиники етип көрсетиў қәлеўи түбинде дослары оны тән алмай атырғанлығын надурыс түсиниў жатады.
• Кимди болса да жазалаў яки өш алыў мақсетинде нәрсесин өзлестириў.
• Перзентиңиз 8-11 жас болғанында урлықтың пайда болыўы шыдамсызлық ақыбетинде болыўы мүмкин. Ол өз-өзине «қәлеймен» деген қәлеўине жуўап ретинде «мүмкин емес» деген сөзди айта алмағанлығы себепли болады. • Перзентиниң 12-15 жасындағы урлық билип тасланған қәдем есапланады.
УРЛЫҚТЫ АНЫҚЛАҒАНДА ӘМЕЛ ЕТИЛЕТУҒЫН 10 ҚАҒЫЙДА
• Перзентиңизге урлық не екенлигин түсиндириң. Урлықты қадаған етиң. Жуўапкерликти мысаллар менен түсиндириң.
• Өз нәрсесин урлатып қойған инсан ис-ҳәрекетлери ҳәм урыға қарата пайда болған сезимлери ҳаққында түсиник бериң.
• Перзентиңизге «уры» деген тамға басыўдан, оннан ғәзеплениўден өзиңизди тыйың. Перзентиңизди жақсы көриўиңизди, бул еткен исин жаман көрип атырғанлығыңызды түсиндириң. Ҳәзирше билместен нәрсе урлаған перзентиңиздиң урыға айланыўына жол қоймаң.
• Урлығы ҳаққындағы ҳәдийсени өзи менен аўлақ қалған ҳалда талқылаң. Бул ўақыя ҳаққында басқаларға айтып жүрмең. Жекке ҳалда урысың, ҳәммениң алдында жақсы тәреплерин айтың.
• «Қандай етип буны ислей алдың?», «Сен мениң жүзимди жерге қараттың!» сыяқлы үлкенлерге тән сөзлерди ислетип, перзентиңизди түсинбейтуғын сезимлер дүньясына тасламаң. Бул айтқан айыплаўларыңыздың пайдасынан зыяны көп болады.
• Басқа теңлеслериге ҳәм өзиңиздиң жаслығыңызға салыстырмаң. «Мен сендей ўақтымда…» деп басланатуғын лекцияңызды бала руўхыяты түсине алмайды.
• Еткен надурыс исин талқылағанда сондай орташа нормада болың, кейинги сапары еткен қәтесин жасырмаўға үйренсин.
• Талқылап болғаныңыздан кейин басқа бул нәрсе қайтарылмаўына келисип алың. Бул ўақыяны басқа еслемең ҳәм перзентиңиз де еслемеўи керек екенлигин түсиндириң. Ҳәр сапары еслеўиңиз перзентиңизди бул исти неге ислегенлиги ушын себеп излеўине ҳәм өзин ақлаў ушын урыныўға жетеклейди.
• Урлық себебин жоғалтыў жолларын излең.
• Шаңарақтағы иллетли жағдай, жетиспеўшилик ҳәм тәрбияңыздағы қәтелик перзентиңиздиң урлық етиўине себеп болғанлығын дурыс түсиниң.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…