ШИЛЛЕ – ӘҲМИЙЕТЛИ ДӘЎИР

Күнсулыў Аметова, АИЖС орайының жоқары категориялы врач лаборанты
RA-img

Бала туўылып, жатырдан жолдас түскеннен соң, ананың өмиринде шилле дәўири басланады. Ол 6-7 ҳәптени өз ишине алады. Жаңадан босанған ана организминде бир қанша өзгерислер жуз береди.

Ҳәмиледарлық дәўиринде формасы өзгерип, созылып кеткен жатыр туўғаннан соң қысқара баслайды. Ол 10-20 күн ишинде дерлик өзиниң бурынғы қәлпине қайтады. Жатыр тез пәт пенен қысқарып атырғанда (яғный, жумылып атырғанда) оннан суйықлық ажыралады. Бул дәслеп қан тәризли, кейин қоңыр көринисте болып, ең соңында реңсизленеди. 20-35 күн аралығында суйықлық азайып, тоқтайды. Бала дүньяға келип атырғанда бир қанша кеңейген туўыў жоллары да қысқарады ҳәм тийкарғы ҳалына келеди. Бул дәўирде босасып қалған қарын дийўалының булшық етлерин беккемлеў ушын ҳаял түрли шынығыўларды имканияты барынша әстеақырын орынлап барыўы лазым.


УЎЫЗ СҮТИ – БИЙБАҲА АЗЫҚ

Ҳаял босанғаннан соң ярым саат ишинде баланы емизиўи шәрт. Себеби, ананың дәслепки көкирек сүти (уўыз сүти) нәресте ушын оғада пайдалы болып, кеселликлерге қарсы иммунитет пайда етеди.

Шилле дәўиринде көп ямаса аз сүт келиўи көкирек безлериниң үлкен-кишкенелигине байланыслы емес. Керисинше, ҳаял ҳәмиледарлық дәўиринде сүт безлерин емизиўге таярлаған болса, туўғаннан соң сүт жақсы келеди. Жаңадан туўылған нәрестениң дәслепки күнлеринде салмағы бираз азаяды, буннан қәўетерленбеў керек, себеби усы дәўирде нәрестениң иши өтип, денесиндеги артықша суўлардан тазаланады. Ҳәптениң ақырларына келип нәрестениң салмағы тикленеди.

Шала туўылған бала болса ананың көкирегин дурыслы еме алмайды, аз ғана емип, шаршап қалады. Сонда да бәрибир анасы нәрестени емизе бериўи керек. Егерде нәрестениң жақсы еме алмай атырғанын көрип, шийшеден емизик арқалы сүт берсе, бала буған әдетленип қалады ҳәм анасының көкирегине сүт жыйналмайды.

 

АНАСЫ ДА ШИЛЛЕ САҚЛАСЫН

Туўыў үйинен енди шаңарағына қуўысқан ҳаялдың қасына қоңсы-қобалары қайта-қайта кирип-шыға бермеўи тийис. Өйткени, шилледеги ҳаял еле толық күш-қуўат жыйнамаған болады ҳәм келди-кеттилер менен шаршап қалады. Буннан тысқары, усы дәўирде ана-балаға кеселликлер тез жуғыўы мүмкин. Сол себепли ата-бабалар «Шиллели үйге адам аяғынан гөре қуяш нуры көбирек киргени мақул», деп айтқан.

Ана туўыў үйинен шыққаннан 7-8 күн өткеннен соң, шомылыўына болады. Шилле дәўиринде ыссы ваннаға түспегени мақул. Сондай-ақ, бул дәўирде сауна ямаса моншаға кириў қадаған етиледи. Өйткени, туўыў ўақтында жынысый ағзаларда пайда болған жарақатларға инфекция түсип, ҳаял наўқасланып қалыўы мүмкин.

Ҳаял ушын шилле дәўиринде азадалық әҳмийетли орын тутады. Әсиресе, аз-аздан ажыралма келип турған ўақытта жынысый ағзаларды күнине 3-4 мәрте жуўып, таза ҳәм утюгленген сийле менен сыпырыў лазым.

Буннан тысқары, қолды жуўыўға айрықша итибар қаратың. Себеби, көплеген инфекциялар қол арқалы аўызға, аўыздан болса ишки ағзаларға түседи. Қол жуўыўда, әлбетте, сабыннан пайдаланыў шәрт. Тырнақларды тез-тез алып турыў лазым. Өйткени, өскен тырнақлардың астына тез кир жыйналады ҳәм түрли инфекциялар көбейеди. Ҳаял шашларын жыйнап жүргени мақул. Егер усылай исленбесе, шаш талшықлары баланың көзине ямаса аўызына киреди.

 

АЗАДАЛЫҚҚА ӘДЕТЛЕНИҢ

Шилле дәўиринде анасы нәрестени күнине 1-2 мәрте (ыссы күнлери 2-3 мәрте) шомылдырыўы зәрүр. Тез-тез шомылдырыў нәрестениң терисин бөртпе ҳәм жаралардан қорғайды, денесинде қан айланысын жақсылайды.

Қырқ күнлик шилле дәўири ана ушын да, нәресте ушын да әҳмийетли есапланады. Бул ўақытта нәрестеси бар шаңараққа басқалардың кирмегени мақул. Нәресте жататуғын өжире самаллатып турылса, оның уйқысы жақсы болады. Қулласы, босанғаннан соң ҳаял ҳәм перзенттиң гигиенасына қатаң әҳмийет қаратылса, шаңарақта саламат турмыс тәризи орнатылса, сол шаңарақтағы нәресте саў-саламат болып өседи, анасы да шилле дәўирин кеўилдегидей өткереди. Бул болса нәресте тәрбияланып атырған шаңарақ ағзаларынан, атап айтқанда, жасы үлкенлерден айрықша итибар талап етеди.

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар