МИКРОБ, ВИРУС, БАКТЕРИЯ: айырмашылығы қандай?

Альфина Махмудова, АИЖС орайының врач лаборанты
RA-img

«Микроб, вирус ҳәм бактериялар ҳаққында мағлыўмат берсеңиз. Олардың бир-биринен айырмашылығы қандай?»

Айгерим АЛЛАМУРАТОВА, Шымбай районы


– Бизди қоршап турған орталықта көзге көринбейтуғын микроорганизмлер оғада көп. Оларды медицинада микроб, бактерия ҳәм вируслар деп атайды. Олар, әдетте кеселлик қозғатыўшылары болып, ҳәр бири ҳәр қыйлы формаға ийе. Микроб ямаса микроорганизмлер – қуралланбаған, көз бенен көриўдиң илажы жоқ, жүдә киши өлшемдеги тири организмлер комплекси. Яғный, барлық кеселлик қозғатыўшы микроорганизмлер (микро грек тилинде «кишкене» деген сөзди аңлатады) медицинада микроблар беп аталады. Оларға бир ямаса көп клеткалы кеселлик қозғатыўшы микроорганизмлер киреди. Олардың ең тийкарғылары бактерия ҳәм вируслар есапланады.

 

БАКТЕРИЯ ДЕГЕНИМИЗ НЕ?

Бактерия – бул бир клеткадан ибарат, әпиўайы дүзилиске ийе организм. Оның қурамында күш-қуўат ислеп шығаратуғын, өмир ушын әҳмийетли элементлерди синтезлейтуғын ҳәм бөлиниўге жәрдем беретуғын элементлер бар. Бирақ, бул паразитте нәсиллик мәлимлемени сақлап қалыў қәсийетине ийе болған ядро жоқ. Бактерия ҳәдден тыс кишкене болғанлығы ушын оны тек ғана микроскоп жәрдеминде көриўге болады.

Олар адам ҳәм ҳайўанлар денесине сыртқы орталық (суў, топырақ, жуўылмаған мийўе-палыз өнимлери) арқалы түсип, организмге жайласады ҳәм көбейе баслайды. Инсан денесине түскен бактериялар жасаўы даўамында саламат клеткаларды зыянлап, өзинен зәҳәрли токсин ислеп шығарады. Бул токсин кеселликти пайда етеди. Олардың вирус ҳәм басқа да кеселлик қозғатыўшыларынан парқы – клетканың бөлиниў жолы арқалы бийғәрез көбейиў қәсийетине ийе екенлигинде.

 

БАКТЕРИЯЛАРДЫҢ ПАЙДАЛЫЛАРЫ ДА БАР!

Ҳақыйқатында да, олар кеселлик қозғататуғын ҳәм қозғатпайтуғын түрлерге бөлинеди. Кеселлик қозғатпайтуғын түри ҳәр бир саламат инсанның организминде, атап айтқанда ишеклеринде бар. Оларды илимий тилде симбиотикалық флоралар деп атайды. Бундай бактерияның түри ишеклерде жасап, ас сиңириўде, витаминлердиң қайта ислениўинде, ишеклерди түрли инфекциялардан сақлаўда белсене қатнасады. Соның ушын да, олар ишеклердиң саламат микрофлорасын қурайды ҳәм инсан организми менен бирге жасайды. Бирақ, олардың муғдарының артыўы ҳәм кемейиўи нәтийжесинде де кеселликлер пайда болыўы мүмкин. 

 

ВИРУС ТЕК ҒАНА КЕСЕЛЛИК ТУЎДЫРАДЫ

Вируслар ең әпиўайы дүзилиске ийе паразитлер болып табылады. Олар тек ғана ДНК ямаса РНК деп аталатуғын нәсиллик материалдан (нуклеин кислота) ибарат. Яғный, оларда бактериядағы сыяқлы метаболизмди (зат алмасыўын) тәмийинлейтуғын элементлер жоқ. Олар бактериядан да бир неше есе кишкене. Сыртқы тәрепинен болса капсула менен оралған.

Вируслар клетка иши паразитлери болып, тек ғана тири клетканың ишинде көбейе алады. Яғный, олар клеткаларды ишинен зыянлайды.

Инсан денесиндеги клеткаға түскен вирус өз капсуласынан шығып, ондағы барлық процесслерди басқарыўға өтеди. Клетканың ишине жайласып алған вирус көбейиўге таярланып, өзинен жаңа вирусларды пайда етеди. Гөнеси болса өз-өзинен набыт болады. Ол пайда еткен вируслар әтираптағы клеткаларға өтип, оларды да зыянлаўға кириседи. Ҳәр бир вирус ҳәр қыйлы кеселликлерди пайда етеди. Мәселен, грипп вирусы – силекейли қабат клеткаларына, герпес вирусы – нерв тоқымасы клеткаларына, иммунитет жетиспеўшилиги вирусы болса – лимфоцитлердиң ишине жайласып алады. Бул паразитлер тек ғана инсанларды емес, ал ҳайўан, өсимлик клеткаларын да зыянлап, оларда кеселлик туўдырыўы мүмкин.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар