– Неге жумысқа кешиктиң?
– Үйден шығаман дегенимше кеш болып қалды.
– Ертерек шығыўдың илажы жоқ па еди?
– Ерте шығыў ушын да кеш болып қалған еди-дә…
*** *** ***
– Кеше ҳаялым үйдеги пышықты тоғайға алып барып, адастырып кел, деп еди.
– Не қылдың, қутылдың ба?
– Қаяқтың қутылыўы, өзим пышықтың изинен ерип, үйди зорға таўып келдим.
*** *** ***
– Ўай-бооой, тисиңизде үлкен жарық, үлкен жарық, үлкен жарық бар екен.
– Доктор, неге сиз маған бул сөзди үш мәрте қайталап айттыңыз?
– Кеширерсиз, мен тек ғана бир мәрте айттым, қалған екеўи тисиңиздиң жарығынан шыққан жаңғырық шығар...
*** *** ***
Имтиханда муғаллим студентке:
– Фамилияңыз?
Студент кўлип турып:
– Жаңабаев, – депти.
– Неге күлип атырсаң?
– Биринши сораўға дурыс жуўап бергенимнен қуўанып кеттим, устаз.
*** *** ***
Жөнелисли микроавтобуста бир қыздың телефоны шыңғырлап қалды. Сумкасын ашып, узақ ўақыт телефонын изледи, бирақ таба алмады. Бираздан соң және шыңғырлады. Ол және излей баслады. Әдеўир излеп, таба алмағаннан кейин әтирапындағы оны бақлап отырғанларға қарап:
– Ҳәй, үйде қалып қойды ма деймен, – деди.
*** *** ***
Саламат үйине келиўден:
– Папа, автобуста бир ҳаялдың аяғын билмей басып алып, кеширим сораған едим, ол маған конфета берди.
– Ақылым өзимниң. Соңынан, сен не дедиң?
– Мен бе? Аяғын және бир мәрте бастым…
*** *** ***
Студент жигит жақсы көрген қызы менен айланып жүрип, ресторанның алдынан өтип қалыпты. Қыз:
– М-ммм, зор ийис шығып атыр, я?
– Саған унады ма? Кел, және бир мәрте сол жерден өтемиз.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…