Енди бирнеше күн ишинде шыпакерге мүрәжат етиўге үндеўши белгилерге тоқталамыз

RA-img

   


Денениң қандай да бир жеринде аўырыўдың пайда болыўы ҳәм оның үш күн өтсе де кетпеўи

Айтпаса да түсиникли — аўырыў кетпей атырған екен, демек организмге бир нәрсе болған. Аўырыў арқалы билдирилип турған исиниў процеси — не болса да, қәнигеге барып көриниўиң тийисли екениңди билдирип турады.

 

Үш айға шекем созылып кеткен ҳәрқандай симптом

Жөтеллеўиң тоқтамай атыр ямаса бәрқулла бет орамалыңды иске салып жүрипсең, солай ма? Бас бир бапта аўырып турады, соң жазылып кетеди, солай ма? Булар ҳәм де басқа да, үш ай даўамында кетпей жүрген симптомлар — шыпакерге барып көриниўди талап ететуғын себеплердур. Булардың қатарына — даўамлы иш өтиўлер, жүректиң күйиўи, нервлик бузылыўлар, сондай-ақ шаштың ҳәм тырнақлардың төгилиўлери де киреди.

 

Майлы аўқат жегеннен кейин қарынның аўырыўы

Майға писирилген таўық гөшин ямаса балық қуўырдақты жегеннен кейин қарынның аўырып кетиўлери — панкреатиттиң симптомы. Асқазан асты бези, сениң зыянлы аўқатты көплеп жегениңе елеңлеп, актив түрде майларды пәршелеўши ферментлерди бөлип шығарады. Ферментлердиң артығы бездиң өзинде топланады, олар майларды пәршелеў орнына, органның тоқымасын ерите баслайды.

 

Салмақтың кескин жеңиллесиўи

Егерде сен аўқатланыў режимин ҳәм физикалық активлик дәрежеңди өзгертпеген болсаң, ал салмағынды күннен-күнге жойта басласаң, онда тезирек қәнигеге барып көрин: булардың себеби асқазан раги ямаса мәйеклик раги емеспекен? Өйткени, бундай қубылыс усы кеселликлерге тән.

 

Қәтийраның «ойылып кетиўи»

Қәтийраның ўақытша жоғалыўы ямаса еске түсириўлердиң «өширилип қалыўы» мийдеги машқалалардан дәрек береди. Бундай жағдай менен ҳәзиллесиўге болмайды. Естиң жоқ болып кетиў симптомлары бар барлық диагнозларды дизип, санап отырыў қатты қыйын. Олар көп, ҳәммеси де дыққатқа сазаўар ҳәм де шыпакерге барып көриниўиңди талап етеди.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар