Арамызда айырым адамлар өз денсаўлықларына жүдә бийпәрўа қарайды. Сондай белгилер бар, олар дәрҳал шыпакердиң араласыўын талап етеди. Шыпакерге қыстаўлы түрде мүрәжат етиўди талап ететуғын белгилерге кеңнен тоқталайық.
Қарынның оң ҳәм төменги жағындағы өткир аўырыў
Бул симптом әпиўайы бир шаншып аўырыўдан келип шығыўы да, сондай-ақ соқыршектиң исинип ҳәм жарылып кетиўинен де жүз бериўи мүмкин. Бундай жарылыў жүдә кемнен-кем, өйткени өткир соқыршек пенен аўырыў жылында 1000 адамның төртеў-бесеўинде болады. Бул — «сени бундай дәрт жанап өтеди» дегени емес. Соның ушын да, бийғам болмаўың керек.
Қан басымы 200/120 ҳәм оннан да жоқарырақ
Бул шама сениң гипертониялық кризге жүдә жақынлағаныңды, жүрегиңниң зордан-зорға ислеп турғанын билдиреди. Бундай жағдайда бас мийиниң тамырлары ҳәлсиз болған адамлардың инсульт болыў итималлығы жоқарылайды. Егер тонометриң «200»ди көрсетти ме — дәрҳал «Тез жәрдем»ди шақыра бер. Қан басымың 180/110-нан асса, бирақ 200-ди атлап кете алмай турса — дәрҳал, бир күнниң ишинде, шыпакерге мүрәжәт етиўиң лазым. Өйткени, бундай жағдай қыстаўлы түрде медициналық араласыўды талап етеди. Бир жақсы жери, бундай аўҳалда сен өз аяғын менен-ақ шыпакердиң алдына бара аласаң.
41 градустан жоқары температура
Бундай жағдай медицинада гиперпиретикалық безгек деп аталады. Ол орайлық нерв системасына бузғыншы тәсир көрсетеди. Бундай жағдайдағы судорогалар (нерв тамырлардың тартылып қалыўлары) демниң келиўин тоқтатып таслата алады — бул, өз гезегинде, адамды өлимге жетелейди.
Қан аралас қусық
Егер сенде кейинги еки саат даўамында мурныңнан қан кетпеген болса, онда қан аралас қусық тамақтың, өңештиң, асқазанның ишинен ямаса аш ишектиң басланғыш жеринен қан кеткенин билдиреди. Олар үлкен қан жоғалтыўларға алып келиўи ҳәм ишки органлардың зақымланыўы менен қәўипли. Дәрҳал «Тез жәрдем»ди шақырың. Ол жетип келемен дегенше, аяқларыңды жоқары қаратып қой — сонда мийге кислородқа бай қанның мақсимал дәрежеде келиўи тәмийинленеди. Ал, сен ақыл-ҳуўшыңды жоғалтпастан, шыпакерлерди күтип аласаң.
Көкирек клеткасының шепки ярымындағы аўырыў
Көкиректиң шепки ярымындағы интенсив ҳәм даўамлы аўырыў ярым саат даўам етсе ҳәм бир таблетка нитроглицерин менен қоймаса — бул инфаркттың белгиси болып табылады. Әсиресе — егер сен демниң қысыўын, дем алыўыңның қыйынласыўын, суўық тердиң шығыўын ҳәм ҳәрекетлериңдеги координацияның бузылғанын сезсең. Сондай-ақ, инфаркт ўағында гейде кеўилдиң айныўы, жүдә ҳәлсизлениў, мийдиң айланыўы ҳәм тершип кете бериў қубылысы бақланады.
Қусық пенен биргелесип келиўши бас аўырыў
Ақыл-ҳуўышты жойтыў ҳәм қусыў менен биргелесип келиўши қатты бас аўырыў — бул, мийге қан кетиўдиң белгиси болып табылады. Бундай наўқас максимум үш саат ишинде нейрохирургтың столына жатыўы тийис. Хирург оның гематомасын алып таслайды.
Сондай-ақ, ишемиялық инсульттиң белгилери төмендегилер:
– түсиниксиз сөйлеўлер;
– әжептәўир мимика;
– толық емес парализация (наўқас қолын көтере алмайды ямаса оларды бир тегис көтермейди);
– беттиң жансызланыўы, сондай-ақ бир қатар (шекениң, еринниң) жансызланыўлар, қабақтың «қалқыўы»;
– бир көздиң кескин түрде жаман көре баслаўы;
– көзге екеў болып көриниўлер.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…