Аборт – тәбийий процесске қарама-қарсы жағдай
«Ҳәмилени аборт еттириўдиң зыяны бар ма?»
Өмирхан, 26 жас, Тақыятас
ОЛ ҚАЙ ТӘРЕПИ МЕНЕН ҚӘЎИПЛИ?
Аборт – бул ҳаялдың денесинде раўажланып атырған ҳәмилениң өсиўине тосқынлық етип, оны жатырдың ишинен жасалма жол менен алып таслаўды билдиреди. Бул тәбийий процесске қарама-қарсы жағдай.
Ҳәмилени алдырып таслаў организмде кескин ҳалатты келтирип шығарады. Себеби, аборт ҳәмиледарлықта өтетуғын тәбийий процесслердиң тоқтатылыўы болып, ўақты келгенде, әлбетте, өз асқыныўларын көрсетеди. Яғный, аборт себепли изден шыққан гормоналлық өзгерислер барлық ишки секреция безлери менен бирге, жатырдың хызметин де бузады.
Аналық қос туқым безинен тысқары қалқан тәризли без жумысының бузылыўы ақыбетинде де пүткил организмниң жағдайы өзгереди. Бөтеке үсти безлери жумысының бузылыўы зат алмасыўының изден шығыўына алып келеди. Гипофиздеги машқала барлық жынысый безлердиң жумысын өзгертип, бийпушлықты келтирип шығарады. Мине, соның ушын да биринши ҳәмилени аборт еттириўдиң ақыбетинде бийпушлықтың келип шығыўы көп бақланған. Улыўма алғанда, аборт – организмдеги барлық унамсыз жағдайларды күшейтиўге, созылмалы кеселликлердиң қозғалыўына себепши болады.
АБОРТТАН КЕЙИНГИ СИНДРОМ
Ҳаял – бул өмир инам ететуғын жаратылыс. Егер ол өзиниң ҳаяллық мазмунын өзгертип, аборт еттирмекши болса, онда ҳаяллық тәбиятын (тәбийий туўыў қәбилетин) жоғалтады. Яғный, ол өмир инам етиўши емес, ал оны жоқ етиўшиге айланып қалыўы мүмкин. Бул таңлаў болса ҳеш қашан жазасыз қалмайды.
Абортты маман қәниге әмелге асырған жағдайда да, оны қәўетерсиз процесс деп айтыўға болмайды. Ол қатаң физикалық ҳәм руўхый өзгерислерди келтирип шығарады. Яғный, бул әмелияттан асқыныўсыз өтип алған ҳаялдың да руўхыяты ўақыттың өтиўи менен зыянланады. Ол өзин улыўма кешире алмайды, кеўилиндеги жарасы бахытлы ана ҳәм балаларды көргенде және жаңаланады, қайтадан тырналады. Бул стресслер ең соңында руўхый кеселликлерге алып барады. Базы бир ҳаялларда өмирлик жолдасына суўық сезим пайда болады ҳәм бул, ақыр-ақыбет, ажырасыўға алып келиўи мүмкин. Жоқарыдағы жағдайлар медицинада «аборттан кейинги синдром» деп аталады.
АСҚЫНЫЎСЫЗ БОЛМАЙДЫ
Аборт тек ғана медициналық мәкемелерде шыпакер-гинеколог тәрепинен ультрадаўыс тексериўи және басқа да лабораториялық анализлерден соң анасының ямаса ҳәмилениң өмири қәўип астында қалған жағдайларда әмелге асырылатуғын усыл есапланады. Бирақ, асқыныўсыз аборт болмайды. Ол қалдырған асқыныў ертели-кеш, әлбетте, жүзеге шығады.
УМЫТПАҢ!
Аборт жақсы өтти дегенде де оның өзинен асқыныў қалдырыўы мүмкин екенлигин ҳәр бир туўыў жасындағы ҳаял билиўи шәрт. Өйткени, ол күтилмеген ҳәмиледарлықтан сақланыў қуралы емес.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…