Күлкитерапия

RA-img

     


Бир жерлесимиз  сырт  елге  мийманға барса, оннан сорапты:

‒ Сизлерде көбирек не желинеди?

‒ Сомса.

‒ Не өзи ол?

‒ Қамыр ишине гөш салынады.

‒ Және не жейди?

‒ Пельмен.

‒ Ол не?

‒ Қамыр ишине гөш салынады.

Сырт елли адамлар таңланып:

‒  Буннан  тысқары  және  қандай тағамлар сүйип желинеди?

‒ Манты…

*****

Еки  кәрхананың  баслығы  сөйлесип отырған екен:

‒ Мен жумысшыларыма еки айдан бери  айлық  бермесем  де  жумысқа келе береди, ‒ депти бириншиси.

‒  Мен  болса  үш  айдан  бери  жумысшыларыма  улыўма  айлық  бермей  атырман.  Бәрибир  ҳәммеси  келе береди.  Енди  жумысқа  келиўди  де төлемли  етежақпан,  ‒  деген  екен екиншиси.

*****

Жумысқа  қабыл  етиў  ушын  сәўбетте:

‒ Англичан тилин билесиз бе?

‒  Аўа,  сөзлик  пенен  сөйлесе  аламан.

‒  Адамлар  менен  сөйлесиўди  үйренгениңизде келерсиз.

*****

МАИ  хызметкери  тис  докторына барыпты.  Шыпакер  тисти  алыўға қатты  қыйналыпты.  Жаны  аўырған хызметкер:

‒  Тезирек  алыўдың  илажы  бар ма?

Шыпакер:

‒  Бул  жерде  тезликти  асырып болмайды.

*****

Бир  топар  студентлер  анатомиядан  сабақ  беретуғын  профессор  алдына ҳаўлығып кирип келип:

‒  Устаз,  имтиханнан  өталмаған Тантыбайға  ҳеш  болмаса  үш  қойып бермесеңиз  болмайды,  жүрегиме пышақ  урып  өзимди  өлтиремен,  деп атыр.

‒  Қәўетер  алмаңлар,  ‒  деди профессор  арқайыншылықта.  ‒  Ол жүрек  қайерде  жайласқанлығын билмейди.

*****

Бир наўқас Әпендиге налынды:

‒ Өзимди  еки  докторға  көрсеткен едим,  екеўи  еки  қыйлы  мәсләҳәт берди,  бири  теңизге  бар  дейди, екиншиси пияда жүр дейди.

‒ Онда  теңизге  пияда  барың, ‒ депти Әпенди.

*****

‒ Алло, бул МЧС пе?

‒ Аўа…

‒  Мени  бул  жерден  шығыўыма жәрдем бериңлер!

‒ Қайерден?!

‒  Интернеттен…  «Телеграмм», «Одноклассник»,  «Инстаграм»лардан шығарып алыңлар! Қутқарыңлар…

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар