«АСПА УКОЛ» ҚАНДЫ КӨБЕЙТЕ МЕ?
«Жасым 21 де. Қаным аз. «Аспа укол» алыў арқалы қанды көбейтиў мүмкин деп еситтим. Сол рас па?»
Сәрбиназ Бердишева, Қанлыкөл районы
‒ Тилекке қарсы, көпшилик кемқан ҳәм қуўатсыз болған инсанлар бар қаржыларын аспа укол (тамыр ишине еритпелер қуйыў) алыў ушын сарыплайды. Бул оларды күшлирек етиўине ҳәм қанларын көбейтиўине исенеди. Бирақ олар алжасады.
Тамыр ишине қуйылатуғын суйықлықлар қурамында ҳәр қыйлы муғдарда дуз яки қант элементи болған суў ғана, болғаны. Олар әпиўайы қант шелли де қуўат бермейди ҳәм қанды көбейтпейди. Қаны аз наўқасларға болса егер кеселлик темир жетиспеўшилиги менен байланыслы болса тийкарынан, темир сақлаўшы дәрилер жибериледи. Бирақ олар аспа укол тәризинде, яғный тамшылатып жиберилмейди. Олар венаға яки булшық етлер арасына жибериледи. Базы жағдайларда плазма орнын басыўшылар, инфузион еритпелер, эритроцитлер, лейкоцитлер массасы сыяқлылар тамырға тиккелей қуйылады. Бул усыл көп қан жоғалтқанда қолланылады.
«ҚАШАН ДӘРИ ЖЕМЕЎ КЕРЕК?»
«Қызым жүкли. Жүкли ҳаялларға дәри ишиў мүмкин емес, дести. Сол дурыс па? Негизи қандай жағдайларда адамға дәри жеў қадаған етиледи?»
Қутлыбийке Сабырбаева, Шымбай районы
‒ Ҳәмиледар ҳаяллар илажы барынша дәрилерден пайдаланбаў керек. Тәбийий өсимликлер ямаса олардан таярланған дәрилерди қабыл еткени мақул. Жүкли ҳаяллар аязлағанында шиповник, ромашка өсимликлеринен пайдаланыўы мүмкин. Жүдә зәрүр болған жағдайларда дәрилерди гинеколог усынысына көре қабыл етиўи тийис.
Жатырда ана менен ҳәмилени айырып турыўшы тосық болып, оннан өте алмайтуғын дәрилер бар. Тап сол дәрилер жүкли ҳаялларға усынылады. Гинеколог мәсләҳәтысыз дәрилерди қабыл етиў (әсиресе, ҳәмиледарлықтың басланғыш үш айында) ҳәмилениң түсиўине алып келеди. Ҳәмилениң кейинги дәўирлеринде болса нәрестелер кемтик туўылыўы мүмкин. Соның ушын да жүкли ҳаялларға тек ғана шыпакер усынысына қарап дәри бериў керек.
«ДӘРИ НЕ МЕНЕН ҚОСЫП ИШИЛЕДИ: СҮТ ЯКИ СУЎ?»
«Дәрилерди не менен ишкен мақул? Кимдур суў менен дейди, кимдур болса шай. Ҳәтте сүт пенен ишилиўи ҳаққында да еситкен едим. Қайсы бири туўры?»
Артықжан Полатов, Әмиўдәрья районы
‒ Дәрилерди тийкарынан суў менен ишиў усыныс етиледи. Себеби дәри ишилгенинен кейин клетка ҳәм тоқымаларда бөлистирилиўи керек. Егер ол толық бөлистирилмесе, дәриниң нәтийжелилиги жүзеге шықпайды. Соның ушын дәрилерди кеминде 1 стакан суў менен ишиў усыныс етиледи.
Дәрилерди шай менен ишиў мүмкин емес, себеби қара шай қурамында танин ҳәм басқа элементлер бар болып, олар дәриниң нәтийжелилигин азайтып жибереди. Көк шай қурамында да бул элементлер азлы-кем бар.
Бирақ сондай дәрилер бар, асқазан шылымшық қабатын «қытықламаўы» ушын оларды сүт пенен ишиў усыныс етиледи.
«ТАБЛЕТКА ЯКИ УКОЛ: ҚАЙСЫ БИРИНИҢ ТӘСИРИ ЖАҚСЫРАҚ?»
«Перзентлерим тез-тез аязлағаны себепли емленип турамыз. Мени ойландырған нәрсе сол, бир атамадағы дәриниң ҳәм таблетка, ҳәм укол, ҳәм сироплы көринисиндеги түрлери бар. Олардың қурамы бир қыйлы ма? Қайсы бири пайдалырақ?»
Дильназ Бектурсынова, Нөкис қаласы
Бир түрдеги дәриниң уколы, таблеткасы, сиропы да бар. Буның себеби дәриниң тез сорылыўы ҳәм тезирек пайда бериўи менен байланыслы. Дәриниң инъекциясы (уколы) организмде оның тезирек тәсир етиўи ушын шығарылады.
Асқазан кеселликлери бар болған наўқасларға базы түрдеги таблеткаларды бериўге болмайды. Сондай ўақытларда оның инъекциясы усыныс етиледи. Бирақ инъекция етиў медицина қәнигесиниң қатнасыўын талап етеди ҳәм бул процесс ҳазарлы өтеди.
Таблеткаларды шыпакер усынысына көре наўқастың өзи ғәрезсиз ишиўи мүмкин. Сироплар болса тийкарынан нәрестелер ҳәм жас балалар ушын шығарылады. Таблеткалар қатты ҳәм ашшы дәмге ийе. Оны жас балаларға ишириў жүдә қыйын. Сироплар болса балалардың ишиўи қолай болыўы ушын мазалы дәм берилип ислеп шығарылады.
Кеселликтиң өткерип жиберилген жағдайларында ғана уколдан пайдаланылады. Бунда дәри, жүдә тез тәсир көрсетип, наўқас тезирек тәўир болады.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…