«МЕНДЕГИ ҚОРҚЫЎ БАЛАМА ДА ӨТКЕНДЕЙ…»

RA-img

Психологиялық мәсләҳәт


«Қараңғылықтан жүдә қорқаман. Үйде жалғыз қалатуғын болсам, дәрриў барлық өжирениң лампочкаларын жағып қояман. Бул қылығымнан 7 жасар баламның алдында уяламан, бирақ ҳеш нәрсе қолымнан келмейди. Ҳәзир ол да өжирелердеги лампочкаларды жағып шығатуғын болды. Мен мына нәрселерди түсинбей атырман: ол мениң ҳәрекетлеримди тәкирарлап атыр ма ямаса қорқыўым оған да өткен бе?»

Гөззал, 29 жас, Кегейли

 

– Көз алдыңызға келтириң, жас бала анасының айналарды жуўып атырғанлығын тамаша етип тур. Усы ўақытта анасы мүйеште турған өрмекшини көрип, қорыққанынан айнаның алдынан шапшып түсти ҳәм қышқырып жиберди. Бул жағдайда усы ис-ҳәрекетли қорқыў балаға да өз-өзинен тәсир етеди. Себеби, баланың өзин тутыўы еки жол менен қәлиплеседи:

– ересек адамлардың өзин тутыўына еликлеген ҳалда;

– өз ис-ҳәрекетлерине әтирапындағылардың билдирген мүнәсибетине қарай.

Егер сизди 7 жасар балаңыздың не ушын барлық өжирениң лампочкасын жағып қойыўы ойландырып атырған болса, не ушын бул ҳаққында өзинен сорамайсыз? Ең мақулы, қолайлы ўақыт таўып, қәтержамлық пенен бул ҳаққында балаңыздың өзинен сораң.

Перзентиңиздиң гәп-сөзлеринен оның қараңғылықтан қорқып атырғаны ырас болса, оны балалар психологына алып барың. Өзиңиз де бул бағдарда қәнигелер жәрдеминде шынығыўлар өткерсеңиз жаман болмас еди. Себеби, психолог сиздеги қорқыўдың жоқ болыўына жәрдем береди.

Қорқыўдан қутылыўдың жоллары көп. Мәселен, қағаз ҳәм қәлем алып, қорқыўды қандай етип көз алдыңызға келтирсеңиз, тап сондай етип сүўретин саласыз. Соңынан, салған сүўретиңизди өртейсиз ҳәм күлин суўға ығызып жибересиз.

Балаңыз бенен де бул шынығыўды орынлаўыңызға болады. Сондай-ақ, оның менен электр энергиясын үнемлеў кереклиги, ким оған әмел етпесе, жәрийма төлеўи зәрүрлиги ҳаққында ойын ойнаўыңыз мүмкин. Усы тәризде ойын арқалы әсте-ақырынлық пенен қорқыўдың үстинен жеңиске ерисесиз.  

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар