Өсек орын алған жерден раўажланыў кетеди

RA-img

БАСҚА ҲАҚҚЫНДА ЖАҚСЫ ГӘП АЙТА АЛМАСАҢ – ҲЕШ НӘРСЕ СӨЙЛЕМЕ


«Өзи жоқтың – көзи жоқ» деп, жанымызда емес адамды жаманлаўға болмайды. Керисинше, биз оның абырайын қорғаўымыз керек. Яғный, ҳеш қашан адамның сыртынан жаман сөз айтпаң. Егер билсеңиз, басқалардың кемшиликлери – бизлердиң олар ҳаққында айтатуғын өсек гәпимиздиң алдында ҳеш нәрсе емес. Бундай иллет (яғный адамның сыртынан жаманлаў) үлкен гүна екенлигин умытпаң. Ҳақ нийетли адам бәрқулла басқаларды өзинен жақсы деп есаплайды.

Биз ким болыўына қарамастан, өзимизди усындай тутыўымыз керек. Әсиресе, жақын мүнәсибетте болған адамлар менен. Себеби, буны ислегенимизде биз бенен жоқ адам ҳаққында сөйлесип атырған сәўбетлесимиздиң исенимин жоғалтамыз. Ҳәмде, сизиң өсегиңизди тыңлап отырған адам жақсы сөзлериңизди емес, ал унамсыз сөзлериңизди еслеп қалатуғынлығын умытпаң.

 

Басқаны жаманлаў арқалы адам ләззет алады!

Бир сөз бенен айтқанда – басқалардың кемшилигин айтып, оның гүнасын да қосып арқаламаң. Мына нәрсени ҳәмийше есте сақлаң: ҳәр бир бриллиант дәслеп жақсылап тазаланып, қырлары жонылады. Сиз де адамларды «тазаланыў процесинде» деп есаплаң, олардың кемшилигине итибар бермең.

Гейде адамлар жыйналып, басқалардың үстинен өсек айтады, оларды жаманласып баслайды ҳәм бундай сәўбет оларға жүдә унайды, десек те алжаспаған боламыз. Еки адам ушырасып үшинши адамды жаманлап баслағанда, оларды жүдә тығыз мүнәсибет байланыстырғандай ҳәм олар жан досларға айланып баратырғандай болып сезиледи. Бирақ, усы турғанында олардың ҳәр бири, екиншисиниң алдында өз исенимин жоғалтады. Өйткени, олар бир-биринен гүманланады: «Мынаў басқалар менен ушырасқанда, мениң сыртымнан не айтады екен?».

Ал, егер бир адам сизге келип басқа адам ҳаққында өсек айтып атырған болса, сиз оған былай дең: «Сен жүдә әҳмийетли нәрселерди айтып атырсаң. Усы гәплериңди сол адамның өзине барып айтсақ, қалай болады екен?». Егер сиз усындай жол тутсаңыз, сол өсек айтып атырған адамның исенимине ерисесиз. Яғный, ол «Бул ҳеш қашан мениң сыртымнан жаман гәп айтпайды. Егер ол менде қандай да бир кемшиликти көрсе, мениң алдыма келип бетиме айтады» деп ойлайды.

Билесиз бе, «Өсек» сөзи ески инглис тилиндеги «gossip» сөзинен келип шыққан. Бул сөз дослары менен спиртли зәҳәр ишип мәс болған еркекти ҳәм толғақ ўақтында ҳаялларға босаныўында жәрдем беретуғын, шаңарақ ағзалары менен унамлы мүнәсибет орнатқан ҳаялды билдирген. Бул ишки информацияны кең жәмийетшиликке шығарыўы мүмкин болған адамлар. Түсиндирме сөзликлер өсекти «анық емес ямаса надурыс берилген мағлыўматқа тийкарланған хабар» деп белгилейди.

Өсекке – өзине деген исеними төмен, тийкарсыз қәўетерге ушыраған адамлар бейим болады. Олар дус келген адамға өзи ҳаққында ҳәмме нәрсени айтып салады (психологлардың пикиринше олар «бос қулақ»қа мүтәж»). Халықтың «Yйдегини дүзге шығарма» деген гәпи бар. Ақыллы адам ҳеш қашан өзиниң жақынларының унамсыз тәреплерин басқалар менен сөз етпейди. Өйткени, бул нәрсе басқалардың алдында өз шаңарағының қәдирин төменлететуғынлығын жүдә жақсы биледи.

Өсек – көп жыллық ҳәм жақын досларды жойтыўдың ең анық усылы. Себеби, олар сизиң сыртынан өсек айтқаныңызды билип қалса, ҳеш қашан кеширмейди. Сизлерге айтар мәсләҳәтим, «Егер айтатуғын жақсы сөзиң болмаса, ҳеш нәрсе сөйлемегениң мақул» деген қағыйданы қолланың. Ирландларда «Ким де ким өсек алып келсе, өзи менен екеўин алып кетеди» деген ески нақыл бар.

Өсек ҳеш кимге жақсылық алып келмейди, әсиресе, өсекшиниң өзине. Өйткени, ол биринши гезекте жәмәәттиң унамсыз, ҳеш ким жақтырмайтуғын ағзасына айланады. Өзин басқалар алдында «жақсы» етип көрсеткиси келген адамлар көбирек өсек айтады. Базы ўақытлары олар айтқан өтиригиниң сәл ҳақыйқатлыққа жақынлатыўды да ойламайды. Өсек айтыўды қәлеў, терең ҳақыйқатлықлар ҳаққында ойланыўды билмегенликтен келип шығады. Соның ушын да, ақыллы, пәм-парасатлы адамларды тыңлап үйрениў керек, ал оннан кейин ҳақыйқат пенен байланыслы темаларды ойлап ҳәм додалап үйренесең.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар