Йод пенен емлеў усылы 1812-жылдан баслап химик Б. Куртуа тәрепинен әмелге асырыла баслаған. Соннан берли антисептик мақсетлерде ҳәр қандай түрдеги хирургиялық әмелият: тис алдырыўдан баслап аяқ-қоллардың ампутациясында да усы препараттан пайдаланылады. Сол ўақытларда йод себепли операциядан кейинги өлим жағдайы 20 процентке қысқарған.
Ҳәзирги күнде көпшилик аналар перзентинде аязлаў ямаса жөтел белгисин сезгеннен баслап табанына, көкирегине ҳәм тамағына йодтан сетка сызыўға әдетленген. Бирақ, йодлы сетканың пайдасы жоқ, деп айтатуғынлар да баршылық. Тийкарында, бул усыл қандай кеселликлерде пайда береди? Не себептен йодтан тек ғана сетка сызылады? Оның организмге зыяны бар ма?
Йод еритпеси жәрдеминде сызылған тор көплеген кеселликлерде жәрдем береди. Мәселен:
– жоқары дем алыў жоллары кеселликлеринде – өткир респираторлы вируслы инфекция, бронхит, ларингит, трахеит, ангина;
– ҳәр түрли жарақатларда – жумсақ тоқыма және буўынлардың исиниўинде, ет созылыўы ҳәм көгериўде;
– остеохондроз, артрит, артроз, радикулит, гематома сыяқлы бир қанша кеселликлерди емлеўде де жақсы нәтийже береди.
Йод бактерицид қәсийетке ийе. Ол тери арқалы ишке кирип, қан бойлап тарқалады ҳәм микробларды өлтирип, аўырыў шақыратуғын ошақларды жоғалтады. Ақыбетте кеселликтиң раўажланыўы төменлейди.
Териниң үстине сызылған йодлы сетканың және бир қәсийети – капилляр тамырларды кеңейтиў арқалы қан айланысын жақсылаў. Буннан тысқары, сызылған сетка қыздырыў қәсийетине де ийе ҳәм сонлықтан да саламатлық ушын оғада пайдалы.
Көпшилик аналар қурғақ жөтел ҳәм аязлаўдың дәслепки белгилеринде перзентлерине йодлы сетка сызады. Бул усылдан жүз жыллардан берли пайдаланылып келинеди. Айырым дәрилер менен салыстырғанда, қандай да бир мәниде оны зыянсыз деп айтыўға да болады.
Және бир айта кететуғын нәрсе, баланың дене температурасы көтерилген ўақытта да йодлы сетка сызыўға болмайды. Сондай-ақ, 5 жасқа шекемги болған балаларға йодлы сетканың 2,5% ли спиртли еритпесин қолланған мақул. Бул жастан асқанларға әпиўайы 5% ли йод туўра келеди. Сондай-ақ, қолланыўдан алдын йодқа тәсиршеңликти анықлаў ушын териниң белгили бир бөлимине азырақ йод жағып көриў керек. Егер унамсыз тәсир бақланбаса, оны қоллана бериўиңизге болады.
Сондай-ақ, температураңыз 38 дәрежеден жоқары болған жағдайда да йодлы сетка сызыў қадаған етиледи. Бул усылдан бир ҳәптеде үш мәртеден көп пайдаланыўға да болмайды. Йодлы сетка – қарама-қарсы тәризде – ҳәм узынына, ҳәм енине қарай сызылады. Бирақ, оны ҳәдден тыс қалың етип сызыўға да болмайды. Бундай жағдайда тери күйип қалыўы мүмкин.
Және, йодлы сетканы жүректиң үстине сызыўға болмайды. Сондай-ақ, териниң жарақатланға бөлимине де йодлы сетка сызған надурыс.
Қурғақ жөтел бақланғанда, оны көкирек қәпесине сызсаңыз болады. Егер кеселликтиң дәслепки белгилери сезилген ўақытта сызсаңыз, нәтийжеси тез билинеди. Қурғақ жөтелде бул усылды қоллансаңыз, ол өкпедеги қақырықтың көшиўине жәрдем береди.
Ангинада йодлы сетканы тамаққа сызыў керек. Бунда азанда ҳәм кешқурын сызыўыңызға болады. Бирақ, сызықты қалқан тәризли бездиң үстине емес, сәл төменирегине сызыўыңыз керек.
Аязлаўда табан ҳәм балтырға да сетка сызыўыңызға болады. Сондай-ақ, ет созылғанда да буннан пайдалансаңыз жақсы нәтийжеге ерисесиз.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…