Бир адам дүкәнға келип:
– Нан бар ма?
– Яқ.
– Чай бар ма?
– Яқ.
– Қумшекер не?
– Яқ.
– Дүкәныңда ҳеш нәрсе жоқ болса, неге жаўып қоймайсаң?
– Жабайын десем гилт те жоқ.
*** *** ***
Әкеси менен бес жасар баласы сәўбетлеспекте:
– Папа, мен үлкен болып, бағшаны тамамлағанымнан соң қай жерге бараман?
– Мектепке.
– Оннан кейин не?
– Университетке.
– Оннан кейин не?
– Жумысқа.
– Оннан да кейин не?
– Қартайып, пенсияға шығасаң, балам.
– Сонда мен қашан жасайман?
*** *** ***
Ҳаялы күйеўине:
– Машинаны гаражға киргизип қойдым. Бирақ, гаражды ертең қайтадан салыў керек.
*** *** ***
Муғаллими оқыўшыларға:
– Ким де ким 2 ямаса 3 баҳа алса, туппа-туўры дозаққа түседи. 4 ямаса 5 баҳасын алғанлар жәннетке.
Дәўлет орнынан турып:
– Муғаллим, мектепти өлмей турып питкериўдиң илажы жоқ па?
*** *** ***
– Нурлан, неге мектептиң ремонтына ақша алып келмедиң?
– Мен мектептиң ҳеш жерин бузбадым-ғой!?
*** *** ***
– Билесиз бе, еркеклер көзлери менен жақсы көреди екен.
– Солай ма? Онда мен де күйеўимди көз докторына алып барыўым керек екен.
*** *** ***
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…