Палминг шынығыўы көздиң өткирлигин жақсылайды

RA-img

Көз  бенен  байланыслы  кеселликлердиң  барлығы  олардың  ҳәдден  тыс  зорығыўы  ҳәм  стресслер  себебинен  жүзеге  келеди.  Бул  ҳалаттың  созылмалы  даўам  етиўи  көриў  өткирлигиниң  бузыўына  алып  келеди.  Бирақ,  бул бузылысларды  түрли-түрли  көзәйнеклерсиз,  дәри-дәрмақларсыз,  ал  тек  дем  алыў  арқалы  да  сапластырыўға болады. 


Уильям  Бейтс  деген  америкалы  офтальмолог буннан  жүз  жылдай  бурын  көзлердеги  шаршаўды  сапластыра  алатуғын,  көриў  өткирлигин  жақсылаўшы,  «палминг»  деп  аталатуғын  әжайып  усылды  ойлап  тапқан. Тилекке  қарсы,  буннан  көпшилигимиз  бийхабармыз. Бул  усылда  көздиң  тор  перделерине  жақтылық  түсириў тоқтатылады. Бунда  сиз  ушын  дәслеп,  тыныш,  шаўқым  еситилмейтуғын,  жақтылық  түспейтуғын  жер  керек.  Сондай жер  тапқан  болсаңыз,  столдың  жанына  отырып,  шығанақларыңызды  столға  қоясыз  ҳәм  көзлерди  сүўретте көрсетилгендей  етип,  алақан  (алақан  англичан  тилинде palm деп айтылады, сол себепли усылдың аты – палминг) менен  жаўасыз.  Бирақ,  бунда  алақанлар  көзлерге  қатты басылмаўы  керек.  Усындай  жағдайда  көз  алдыңызға  тек қап-қара  реңди  келтириўиңиз  тийис  ҳәм  ишиңизден жүзге шекем санап отырыўға ҳәрекет етиң.

Бул  шынығыўды  күнине  3-4  мәрте  орынласаңыз, көриў  өткирлигиңиз  жақсыланады,  ҳәттеки,  жумыс  ислеў қәбилетиңиз де артады. Соның менен бирге, бул шынығыў  уйқы  алдынан  исленсе,  руўхый  шаршаўларды жеңиллестиреди.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар