Балаңды диарея қыйнаса…

RA-img

«Перзентимниң тез-тез иши өтетуғын болды. Мен буны өзимниң надурыс аўқатландырып жүргенимнен ямаса баламның асқазаны сиңире алмай атырғанынан шығар, деп ойлаған едим. Шыпакер буны “диарея” деди. Бул кеселликте  және қандай белгилер гүзетиледи? Оны қалай даўалаў мүмкин?»


— Ишек микрофлорасы пайдалы лактобактериялардан ибарат болып, олар аўқатты сиңириўде актив қатнасады, ишектиң силекей пердесин түрли бактериялардан қорғайды. Гейде биз баламызды надурыс аўқатландырамыз, шектен тыс тойдырып жиберемиз, айнып қалған тағамды да, «ҳештағымас» деп ойлап, берип қоямыз. Нәтийжеде ишек микрофлорасының қурамы бузылады, зыянлы бактериялар көбейип, жағымсыз тәсир көрсете баслайды.

 

Диареядан қыйналып жүрген баланың иши тез-тезден ҳәм суп-суйық болып өтеди. Бул кеселлик бактериялар, вируслар себепли жүзеге келиўи мүмкин. Гейде бала қандай да бир кеселликтен антибиотиклер жәрдеминде даўаланады, бирақ ишеклериниң микрофлорасы бузылады. Кеселлик нәтийжесиндеги иш кетиў қарындағы исиў, аўырыў ҳәм дене температурасының көтерилиўи менен бирге кешеди. Кишкентайдың иштейи жоғалып, жүдә болдырып қалады. Иш кетиў себепли организм көп суйықлық ҳәм пайдалы минералларды жоғалтады. Буның ақыбетинде балада суўсызланыў жүзеге келеди.

 

 

Баланың иши кеткенде көрилетуғын шаралар

 

Ең әўел, емлеўди иш кетиў ақыбетинде жоғалған суйықлықлардың орнын толтырыўдан басла. Шыпакердиң кеңеси бойынша үй шараятында да иш кетиўди тоқтатыўшы демлемелерден пайдалансаң болады.

1 литр қайнаған суўға 1 чай қасықтан дуз, ас содасын ҳәм қумшекерден сал. Бул араласпаны күнине 3-4 мәрте ярым стаканнан балаңа иштир.

Ромашка ҳәм атқулақтан таярланған демлемелерди иштирген жүдә пайдалы. Оларды күнине 3 мәрте ярым ямаса бир стаканнан, аўқатланыўдан ярым саат алдын иштирткениң мақсетке муўапық келеди.

1 стакан гүриш үстине 6-7 стакан суў қуйып, пәс жалында қайнат. Таяр қайнатпаны сийледен өткерип, ыссы ҳалында ҳәр еки саатта үштен бир стакан муғдарында балаңа ишкиз.

Аўқатланыў рационына әмел ет. Диареядан азапланып атырған балаңа ишти қатыратуғын өнимлерди берип тур. Бунда оған суўда қайнатылған гүриш, алма пюреси, қатқан нан, майсызлаў қатық асқатады. Диареядан жәбирленип атырған перзентиңди әлпешлегенде гигиена қәделерине әмел қылыўды умытпа.

 

Айтпақшы…

 

Перзентиңде диареяның белгилерин сезген заматы-ақ аўқатланыў рационынан сүт ҳәм сүт өнимлерин шекле. Бир-еки күн даўамында аўыр түрде сиңетуғын тағамларды берме. Балаңа илажы барынша көбирек суйықлық иширт.

Балаңдағы иш кетиўди тоқтатыўда ромашка ҳәм жалпыздан (мята) таярланған қайнатпа да жәрдем береди. Оны суткасына 5-6 мәрте ярым ямаса бир стаканнан ишкиз.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар