Пайдалы сораў-жуўаплар

RA-img

.


 

Грыжа қайталанса, не болады?

 

«Киндигимниң әтирапында грыжа бар. Бир мәрте операция қылдырдым. Бирақ, ол және қайталанды. Грыжа қандай себеплерге бола тәкирарланады? Бундай пайытларда не қылыў керек?»

 

Грыжаның қайталаныўы, ең дәслеп, операцияны бастан кеширген наўқастың шыпакер көрсетпелерин толық орынламаўы, физикалық жақтан зорығыўы, аўыр жүк көтериўи, сондай-ақ әмелияттан кейинги жарақат саласында қан қуйылыўлары (гематома), ириңлесиў, тоқымалар азықланыўының бузылыўы, хирургиялық тигислердиң сөтилиўи себепли гүзетиледи. Ҳаялларда киндик грыжаларының қайталаныўы көбинесе ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дәўиринде жүз береди. Грыжа қайта пайда болғанында, тап әўелгисиндей, хирургиялық әмелиятқа көрсетпе бериледи. Буның ушын хирургия көригинен өтип, тийисли мәсләҳәтлер алыўды кеңес етемиз.

Ҳәзирги күнде заманагөй хирургияда инвазив усыллар кемейген. Сол себепли операциядан кейинги асқыныўлар дерлик жоқ. Наўқас қысқа мүддет емлеўханада жатады ҳәм әўелги физикалық ҳалатын тез тиклеп алады. Физикалық зорығыўлардың алдын алыў ушын арнаўлы белбеўлер тағыў дәркар.

 

 

 

 

Жалпақ табан дүзелмейди ме?

 

«Қызым бир ярым жаста. Ортопед оның жалпақ табанлығын айтты ҳәм массаж алыўымызды тайынлады. Жақында массажшы ҳаял маған былай деди: “Жалпақ табан кеселлиги ҳеш қашан да дүзелмейди. Массаж тек аяғының аўырмаслығы ушын ғана қылынады”. Оның айтқанлары дурыс па?»

 

Гәптиң төркинин айтқанда, жалпақ табанлыққа (буны халқымызда «түйе табан кеселлиги» деп те атайды) анық диагноз бала 3 жасқа толғанда қойылады. Оған дейин бул кеселликтиң туўма екенлигин анықлаў қыйын. Соның ушын да, шыпакерлер профилактикаға тийкарғы дыққатты аўдарады ҳәм аяқ кийимге ортопедикалық масламалар салыўды кеңес береди. Бундай масламалар бала аяғының дурыслы өсип-раўажланыўына тәсирин тийгизеди, соның менен бир қатарда, жалпақ табанлықтың да алдын алады. Ал, массажға келсек, ол бул кеселликте  жақсы жәрдем береди. Егер 3 жастан соң балада жалпақ табанлықтың бар екенлиги анықланса, ортопед-шыпакер иске кирседи, ем шараларын тайынлайды. Барлық процесслер өз ўақтында ҳәм қунт пенен исленсе, жалпақ табанлық толық дүзеледи.

 

 

 

Балалардың көп аўқат жеўи неликтен ?

 

«Еки жасар улым көп аўқат жейди. Ҳәттеки, «Болар енди» десем де, және аўқат бермегенимше, қыйқаңшылық қылады. Әсиресе, мен кешқурынлары қатты қыйналып кетемен. Аўқат асқазанына аўырлық қылғаны ушын балам биймаза болады. Айтыңызшы, оны қалайынша нормада аўқатланыўға үйретиўге болады? Баланың көп аўқат жеўи — кеселлик пе?»

 

Балаңыздың көп аўқат жеўине организмин аскаридалар жайлағаны себепкер болғаны көринип тур. Қурты бар бала қанша аўқат жесе де, тойғанын билмейди. Бундай бала семириў орнына, азып кетеди. Соның ушын да, ўақытты өткизе бермей, тезирек балалар шыпакерине перзентиңизди апарып көрсетиңиз. Шыпакер тийисли шараларын қарастырады. Оның еминен кейин баланың иштейи орнына түседи.

Айырым ата-аналар, баласы көп аўқат жегенликтен, сиңириўге жәрдемлесиўши дәрилер берип, машқаланы шешпекши болады. Лекин, бундай дәрилердиң пайдасы жоқ. Өйткени, сиңириўге жәрдемлесиўши дәрилер иштейди беттер ашады, нәтийжеде баланың көп аўқат жегиси келе береди.

 

 

 

Қыздырылған дуз бел аўырыўды кемейттиреди

 

«Белим аўырады. Бул аўырыўдан ҳеш қутыла алмай атырыппан. Оннан қутқаратуғындай мәсләҳәтиңиз бар ма?»

 

Сизге берер бирден-бир мәсләҳәтим — невропатолог қабыллаўында болып, оған барлық шағымларыңды бирме-бир баян ет. Сизде остеохондроз ҳәм фибромиозит кеселликлери ҳәўиж алған болыўы итимал. Буны тек медициналық көриктен соң ғана анық айтыў мүмкин. Ядыңнан шықпасын: илажы барынша кемирек отырыўға ҳәрекет ет. Тегис жерге, мәселен, полға жат. Бул пайытта белиңе жуқа көпшик қойып, төбеге қарап дем ал. Бул жуқа көпшик белиңниң аз ғана көтерилип турыўына көмек береди. Сонда нервлер бираз босасады.

Турникке асылыў да пайда береди. Асылған пайытыңда аяғың полдан бираз көтерилип турса жеткиликли. Турниктен жерге секирип түспе. Әўелден-ақ ғамластырылған столша үстине аяғыңды қой да, соң әсте ғана жер бас.

Белге ысытылған май ямаса аўырыўды қалдыратуғын мазь сүртип, массаж қылыў да көмек береди. Газ духовкасында қыздырылған дуз бенен кишкене қалтаны ярымына шекем толтырып, аўызын байла. Соң оны жалпақ көпшикшеге уқсатып жай ҳәм белиңе бас. Бул усыл да аўырыўыңды бираз басады.

Бирақ, өзиңди жоқарыдағылар менен алдарқатыўшы болма. Олар сени аўырыўдан тек ўақытша ғана қутқара алады. Жақсысы, кеселликти келтирип шығарған себепти таўып, оны даўалатсаң, дәртиңнен қутыласаң.

 

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар