Нан содасы ҳәр бир шаңарақта табылатуғын нәрсе. Өйткени, ол ҳәм арзан, ҳәм жүдә пайдалы. Бул содадан тамақ аўырыўында, асқазандағы машқалаларда, стоматитти емлеўде пайдаланады. Бүгинги темамызда бмз сизлерге оның басқа да пайдалы тәреплери ҳаққында аз ғана сөз етемиз.
1. Нан содасы ҳәр қандай унамсыз ийисти жүдә тез жоқ етеди. Мәселен, музлатқыш камерасындағы, мусор шелектеги, аяқ кийимдеги… Унамсыз ийис шығатуғын усындай жерлерге соданың еритпесин сеўип шығың.
2. Нан содасынан жүрегиңиз күйгенде де пайдаланыўыңызға болады. Буның ушын бир чай қасық соданы бир стакан жыллы суўға араластырып ишиў усыныс етиледи.
3. Нан содасынан ванна ушын жумсартыўшы дуз таярлаўыңызға да болады. Бундай дуз, сондай-ақ, исиниўге қарсы гүресиў және теридеги қышыўды жоқ етиў қәсийетине ийе. Аўыр жумыс күнинен соң ваннаға бир неше ас қасық нан содасын салың ҳәм бир тамшы эфир майын тамызың. Бундай ваннадан соң тери жүдә жумсақ болады ҳәм шаршағаныңыз шығады.
4. Нан содасының жәрдеминде дерлик ҳәмме нәрсени тазалаўға болады: раковина, ванна, кафель, хром, нержавейка. Ол зәҳәрли емес, бирақ оғада нәтийжели. Мәселен, металл жуўыў үскенелериндеги ҳәк шөгиндилерин жақсы тазалайды. Оның менен, ҳәттеки, тислерди де ағартыўға болады.
5. Сода жәрдеминде қубырларды да тазалаўға болады. Қубырға 1 стакан сода, соңынан 1 стакан уксус қуйың. 5 минут турсын, изинен суў менен жуўып жибересиз. Бундай усыл менен қубырды тек ғана тазалап қалмастан, оның унамсыз ийсинен де қутыласыз.
6. Содадан кир жуўғанда да пайдаланың. Егер кийим жуўған ўақытта суўға 1 стакан сода қоссаңыз, кир жуўыў порошогының нәтийжелилиги артады, кийимниң реңи және де тынықласады, ақ реңли көйлеклер аппақ болады.
7. Зәрүрлик туўылғанда сода шаш ушын мөлшерленген шампунның да орнын басыўы мүмкин. Буның ушын оған азырақ суў қосып, паста ҳалатына келтиресиз. Соңынан, оны шашыңызға жағып, жақсылап жуўып таслайсыз. Усы тәризде шашыңыз тап-таза, жуп-жумсақ ҳәм жылтырап туратуғын болады. Буннан тысқары, сода сак, мусс ҳәм шаш ушын мөлшерленген басқа да косметикалық қураллардың қалдықларын жақсы тазалайды.
8. Нан соданың жәрдеминде гилемлерди де тазалаўға болады. Буның ушын гилемге содалы еритпени сеўип шығасыз. Ярым сааттан кейин бир ысқылап шықсаңыз, гилем тап-таза болады.
9. Егер бассейниң иши тез-тез патасланса, бунда да содадан пайдаланың. Сода суўды узақ ўақыт жақсы ҳалатта сақлаў имканиятын береди. Ол көз ҳәм тери ушын зыянсыз. Солай екен, арқайын және шомыла берсеңиз де болады.
10. Сода өртти тез өширеди. Басқа химиялық қураллар әдетте тез жаныўшаң болады. Сода болса, керисинше, ҳәр қандай жалынды тез сөндиреди. Газ плитасының қасында бәрқулла сода сақлаң: ол күтилмегенде өрт жүз бергенде пайдасы тийеди.
11. Нана содасы зыянкеслер шаққанда қышыўды тоқтатады ҳәм теридеги қышыманы жеңиллестиреди. Буның ушын содаған бир неше тамшы суў тамызып, оны териниң шыбын шаққан жерине сүртесиз. Сода зәҳәрли болмағаны ушын оны ҳәмиледарлық дәўирде тазалаўшы қурал сыпатында пайдаланыўға да болады.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…