Перзентлеримиздиң ишки дүньясын билиў

RA-img

Биз перзентлеримизге бәрқулла «Жағдайлар қалай?» деп сораў берсек, олар тек ғана бир жуўапты қайтарады: «Жақсы». Бурынлары мен де: «Ҳақыйқатында да жағдайлары жақсы шығар» деп ойлайтуғын едим. Бирақ, бундай сораў менен перзентимиздиң ишки дүньясын билиў қыйын екен. Соның ушын да, сораўларды өзгертиў жақсы нәтийже береди.

Төменде биз перзентлеримизге жуўап қайтарыў қызықлы болған, ата-аналарға болса перзентлери ҳаққында көбирек мағлыўматлар алыўына имканият жарататуғын 100 сораўды усыныс етпекшимиз.


1. «Күниң қалай өтти?» деген зериктирерли сораўдың орнына:
• Бүгин қайсы ўақыя сен ушын ең қызықлысы болды?
• Бүгин қандай жаңа нәрсени үйрендиң?
• Бүгин сени не нәрсе күлиўге мәжбүр етти?
• Бүгин айтарлықтай қызықлы ўақыя болды ма?
• Бүгин сени ҳайран қалдырған нәрсе болды ма?
• Бүгин кимге жәрдем бердиң?
• Саған биреў қандай да бир жақсылық иследи ме?
• Бүгин сениң өзиңнен кеўлиң толды ма?
• Сени қапа еткендей ўақыя жүз берди ме?
• Сен ушын бүгин не нәрсе қыйын ямаса түсиниксиз болды?
• Досларың менен қандай ойын ойнадың?
• Ким менен түслендиң?
• Класыңда ким менен жақыннан досласыўды қәлейсең?
• Классласларыңнан қайсы бири саған улыўма уқсамайды (минез-қулқы, пикири)?
• Қайсы муғаллимиң (тәрбияшың) саған көбирек унайды? Қайсы бири оншелли унамайды?
• Егер сен бир күнге муғаллимниң орнында болып қалғаныңда, классласларыңа не нәрсени үйреткен болар едиң?
• Сениң ашыўыңа тийген нәрсе болды ма?
• Бүгин әдалатсыз жағдай жүз берди ме?
• Бүгин сени уялтатуғын жағдай болды ма?
• Бүгин ким менен келисе алмай қалдың?
• Егер бүгинги күнди және бир мәрте қайтадан баслаўың мүмкин болғанында, не нәрсени өзгерткен болар едиң?
• Усы ҳәптеде режелестирген жумысларыңнан қайсыларын орынлай алмай қалдың? Қайсыларын орынладың?

 

2. Баланың фантазиясын раўажландыратуғын сораўлар
• Егер аспаннан жаўынның орнына жейтуғын нәрселер жаўғанда, оның қандай нәрсе болыўын қәлер едиң?
• Қандай ҳайўанның үстине минип, сейил етиўди қәлейсең: пилге ме ямаса жирафқа ма?
• Егер сен реңлердиң атын өзгерте алғаныңда, оларды қандай деп атаған болар едиң?
• Егер бизлердиң пышығымыз сөйлей алғанында, ол не деген болар еди?
• Егер сен қәлеген жабайы ҳайўанға сораў бере алғаныңда, қандай сораў берген болар едиң?
• Егер сениң таўда үңгириң болғанында, ишине не нәрселерди қойған болар едиң?
• Улыўма бузылмайтуғын етип дийўал өриў ушын оны не нәрседен салсақ екен?
• Қайсы ҳайўан машинаны жақсы басқарған болар еди?
• Бул дүньяға қандай жаратылыслар жетпей атыр?
• Егер ўақыт машинасы бар болғанда, не нәрселер жүз берер еди?
• Егер адамлар ақшаны ойлап таппағанда, бул дүнья қандай болар еди?
• Егер сен алтын балық услап алсаң, қандай үш тилекти тилеген болар едиң?

 

3. Кишкене балалар ушын сораўлар
• Қайсы сөзлер сени жақсылап тәрийплеп бере алады?
• Саған өзиңниң қайсы тәреплериң унайды? Қайсылары унамайды?
• Егер сен өзиңдеги бир нәрсени өзгертиў имканиятың болғанында, не нәрсени өзгерткен болар едиң?
• Егер сенде бир күнге басқа адамның орнында болыў имканияты жаратылса, ким болған болар едиң?
• Егер сен супер күшке ийе адам болып қалсаң, сенде қандай қәбилетлер пайда болған болар еди?
• Егер сенде қәлеген жерге қыдырыў имканияты болғанында, қай жерге барған болар едиң?
• Саған қандай сеслер унайды?
• Ересек адамлар сениң қайсы тәрепиңди түсинбейди?
• Саған айтылған ең зор мақтаў сөз қандай болды?
• Сен не нәрсе менен шуғылланған ўақтыңда өзиңди бахытлы сезинесең?
• Қайсы байрамды сен ең көбирек жақсы көресең?
• Басқа адамларға қандай ғамхорлықлар ислей аласаң?
• Қандай ўақытта мүләйым боласаң?
• Мен сени қушақлаған ўақтымда қандай сезимлерге бөленесең?
• Қандай ўақытта жылағың келеди?
• Қандай ўақытта ғәзепке минесең?
• Сени не нәрсе қорқытады?
• Қайсы бирин көбирек қәлейсең: балықтай болып суўдың астында жүзгенди ме ямаса қустай болып аспанда ушқанды ма?
• Егер сениң 1 миллион долларың бар болса, не нәрселерди сатып алған болар едиң?
• Егер сениң ақшаң көп болса, сонда да жумыс ислейсең бе ямаса ислемейсең бе?
• Егер сениң өз дүкәның бар болғанда, ол жерде нелерди сатқан болар едиң?
• Егер китап жазғаныңда, не ҳаққында жазар едиң?
• Саған басқа адамларға бир нәрселерди саўға етиў унай ма?
• Сениң ең әжайып күниң қандай болыўын қәлейсең?
• Сен басқаларға не нәрсе үйрете аласаң?
• Өзиң не нәрселерди үйрениўди қәлейсең?
• Сениң өмириңдеги ең бахытлы (бахытсыз) мәўрит қашан болған?
• Сен билетуғын нәрселердиң ишинде ересек адамлардың өмиринде үлкен әҳмийетке ийе болатуғыны қайсы бири?
• Егер сен ўақыт машинасына минип, өзиңниң үш жыл бурынғы ўақтыңды ушыратып қалсаң, оған қандай мәсләҳәт берген болар едиң?
• Бул өмирде сениң ең мақтаныш ететуғын нәрсең не?
• Досларыңның қайсы бири саған көбирек унайды? Не себептен?
• Биреў сени масқараласа, не ислейсең?
• Егер сен үлкейип, атақлы адам болсаң, не нәрсе менен дүньяға танылған болар едиң?
• Усы бүгин сен кимге қандай жәрдем бере аласаң?
• Егер сенде бир күниңди қәлеген адам менен өткериў имканияты пайда болса, оны ким менен өткерген ҳәм не ислеген болар едиң?

 

4. Өмир ҳәм дүньяның жаратылысы ҳаққында сораўлар
• Не нәрсе адамды ақыллы етеди?
• Қалай ойлайсаң, басқа адамлар нелерди сезинеди?
• Мектепке не ушын барыў керек?
• Келешекте өмир қандай болады?
• Егер имканияты болғанында, бул өмирде не нәрсени өзгерткен болар едиң?
• Кишкене бала болған жақсы ма ямаса үлкен адам ба?
• Өзиңниң үлкен адам болғаныңды қалайынша билиўге болады?
• Кишкене балалар барлық жасы үлкенлерди ҳүрмет етиўи шәрт пе?
• Бәрқулла ата-ананы тыңлаў керек пе?
• Балаларды қандай жағдайда ҳәм қай тәризде жазалаўға болады?
• Егер бир адам аштан өлейин деп атырса, оған аўқат урлаўға бола ма?
• Бәрқулла қәлеген нәрсени ислеўге бола ма?
• Не ушын адамлар жалған сөйлейди?
• Бәрқулла ойыңа келген нәрсени айта бериўге бола ма?
• Не ушын адамлар ажырасады?
• Не себептен адамлар жәнжеллеседи, машқаланы тыныш жол менен шешкенде болмай ма?
• Не ушын ересек адамлар аз күледи?
• Егер бул денсаўлығына зыян екенлигин билсе, не себептен адамлар сигарет шегеди?
• Жақсы ҳәм жаман кейпият деген не?
• Қартайған ўақытта не ислеў керек?
• Руўх дегенимиз не ҳәм ол қай жерде жайласқан?
• Муҳаббат дегенимиз не?
• Басқаның сени жақсы көретуғынын қалайынша билиўге болады?
• Муҳаббат бир өмир даўам етиўи мүмкин бе?
• Бахыт дегенимиз не?
• Бәрқулла бахытлы жасаўдың ҳәм ҳеш қашан қапа болмаўдың илажы бар ма?
• Ақшасыз да бахытлы жасаўға бола ма?
• Не ушын бай адамлар өзиниң ақшасын жарлылар менен бөлиспейди?
• Дүньядағы барлық адамлар тең бе?
• Бул дүньяда урыслар ҳәм ашаршылық бар болса да, «Бул дүнья әжайып» деп айтыўға бола ма?
• Урыспаўдың илажы бар ма?
• Машқала ҳәм қыйыншылықлардың адамға қандай пайдасы бар?
• Саған қопаллық еткен адамға сен де қопаллық көрсетесең бе ямаса мүлайымлығыңды сақлап қаласаң ба?
• Қызғаншақлық етиўге бола ма?
• Көркем өнер деген не ушын керек?
• Не нәрсениң сулыў ямаса сулыў емес екенлигин ким белгилейди?
• Сыртқы көринисиңди қандай болса, сондайлығынша қабыл етиў керек пе?
• Бул дүньядағы барлық адамлар сөзсиз әмел ететуғын нызам шығарыў ҳуқықы саған берилсе, қандай нызам шығарған болар едиң?
• Биз өз тәғдиримизди өзгерте аламыз ба ямаса маңлайымызға жазылғаны бола ма?
• Биз не ушын жасаймыз?

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар