3-4 жасар балалар ушын асханадағы шынығыўлар
1. Асханадағы столдың үстине 5 дана алма менен бир пиязды қойың ҳәм балаңыздан қайсы бири артықша екенлигин сораң. Егер балаңыз бирден жуўап қайтарыўға қыйналса, оған аз ғана жәрдем берип жибериң. Мәселен: «Ҳаў, мына пияз адасып алмалардың арасына түсип қалған ба?». Соңынан, керисинше ислең: столға 5 дана пияз бенен 1 алма қойың ҳәм балаңыздан және сораң: «Енди қайсы бири артықша?». «Не ушын алма артықша?» деп сораң. Жуўабы: Себеби, алма пияз емес, алма мазалы, ал пияз ашшы…
2. Столға 5 дана кесе менен 1 стаканды қойың.
3. Бул шынығыў предметтиң көлеми ҳаққында болсын. Мәселен, столға 5 дана чай қасық пенен 1 дана ас қасықты қойың.
4. Келеси шынығыў реңлерге байланыслы болады. Мәселен, столға 5 дана қызыл алма менен 1 дана көк алманы қойың.
5. Енди шынығыўлары сәл қыйынластырамыз. Яғный, предметлерди формасына қарай ажыратыўды үйренсин. Мәселен, столдың үстине картошка, алма, пияз бенен бирге бир дана гешир қойың. Бул жерде қайсы бири артықша болады? Әлбетте, гешир. Өйткени, ол домалақ емес.
Көрип турғаныңыздай, бул ойынның түри көп. Буның ушын конфета ҳәм ойыншықлардан пайдалансаңыз да болады. Келеси шынығыўымыздың аты:
ЖУБАЙЫН ТАП
деп аталады. Бул шынығыўдың мақсети – предметлер арасындағы байланысты табыў ҳәм түсиндирип бериў.
1. Столдың үстине чайник, кесе, кастрюль ҳәм оның қақпағын қойың. Сораў: чайникке қайсы бири жубай болады, кастрюльге қайсы бири? Чайник пенен кесе, кастрюль менен қақпақ. Не себептен? Себеби, чайниктен кесеге чай қуйып ишиўге болады. Ал, кастрюльге ишиндеги аўқат суўып қалмаўы ушын қақпақ керек.
2. Столдың үстине қағаз, қәлем, сары май, бир бөлек нан, шырпы және шамды қойың да, жоқарыдағыдай етип сораў бериң.
Қатарды даўам ет
Бул шынығыўда столдың үстине алма, конфета, печенье, алма, конфета, печенье, алма… етип дизип шығасыз. Соңынан, балаңыздан қатарды даўам еттириўин сораң. Яғный, алмадан соң конфета, оннан кейин печенье келетуғынын түсинип жетсин. Егер балаңыз 4 жастан үлкен болса, предметлерди арқаңызға жасырып турың ҳәм балаңыздың қолына алма, конфета, печенье бериң. Буннан соң балаңыздаң сораң: «Ҳәзир мен сениң қолыңа не нәрсе беремен – алма, конфета ямаса печенье?».
Бала менен қай тәризде сөйлесиў керек?
Қоршаған әтирапымыздағы барлық предмет ҳәм көринислер ҳаққында сөйлесиўлер де перзентимиздиң озық ойлы, терең пикирлейтуғын инсан болып жетилисиўине жәрдем береди. Мәселен:
– Үйге не ушын айна қурамыз?
– Айнадан сыртқа қараў ушын.
– Оған не себептен әйнектен көз саламыз?
– Үйдиң ишине жаўын, самал кирип кетпеўи ушын.
– Оған фанер жаўып қойғанда болмай ма? Не ушын айна болыў керек?
– Фанер жаўсақ қараңғы болып қалады.
– Демек, айна арқалы өжирениң иши жақты болады екен. Ал, күндиз күни дала қалайынша жақты болып турады?
– Қуяштың нурларынан.
– Енди түнде Қуяш уясына кеткенде, жайдың ишин жақты етиў ушын не ислеймиз?
– Лампочкаларды жағамыз.
– Дурыс, бизлер түнде электр энергиясынан пайдаланып, лампочкаларды жағамыз. Және қай жерде электр энергиясы бар екенлигин билесең бе? Мәселен розеткада да ток бар. Соның ушын, оларды қол менен услаўға, тесигине бир нәрселерди тығыўға болмайды.
Усы тәризде электр энергиясы менен ислейтуғын үскенелер ҳаққында да түсиник бериўиңизге болады. Мәселен, музлатқыш, телевизор, компьютерлердиң ислеўи ушын ток керек екенлигин ҳәм т.б. Умытпаң, сизиң физика пәнинен билимиңиз балаңызға бундай әпиўайы нәрселерди түсиндириў ушын жеткиликли.
Жуўмақлап айтқанда, балаңыздың ой-өрисин үй шараятында раўажландырыўдың усылы көп. Тек оларға аз ғана ўақыт ажыратып, фантазияңызды иске қоссаңыз болғаны.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…