ТЕСТ: САБЫРЛЫ ҲӘМ ШЫДАМЛЫСЫЗ БА?

RA-img

КӨПЛЕГЕН ҚОЛАЙСЫЗ ЖАҒДАЙЛАРДА АДАМНАН САБЫР-ШЫДАМ ТАЛАП ЕТИЛЕДИ. БИЙКАРҒА «САБЫР ТҮБИ САРЫ АЛТЫН» ДЕЛИНБЕГЕН. ТӨМЕНДЕГИ ТЕСТ ҚАНШЕЛЛИ САБЫРЛЫ ЕКЕНЛИГИҢИЗДИ АНЫҚЛАЎҒА ЖӘРДЕМ БЕРЕДИ.


1. Кино көрип отырғаныңызда реклама қойылып кетсе, не ислейсиз?

а) Бир-еки минут басқа ислер бәнт боламан.

б) Оны да көре беремен, себеби гейде рекламада да пайдалы мағлыўматлар бериледи.

в) Дәрриў басқа каналға қояман.

 

2.  Жәмийетлик транспорта биреў тосаттан аяғыңызды басып алды. Қандай шара көресиз?

а) Итибар бермеймен – өзим де неше мәрте басып алғанман.

б) Сол адам кеширим сораса, буған итибар бермеймен.

в) Әлбетте, наразылығымды билдиремен ҳәм оннан тез де кеширим сораўын талап етемен.

 

3. Достыңыз сизге қандай да бир нәрсени айтып атыр, бирақ ҳеш мақсетке өтпей атыр. Сиз:

а) Қапа етип қоймаў ушын оны еситиўде даўам етемен;

б) Тийкарғы мәселеге өтиўин әсте билдиремен;

в) Гәпин бөлип, мақсетке өтиўин айтаман.

 

4. Мағлыўмат бериў хызметине қоңыраў еттиңиз, сизге бир неше мәрте «Жуўапты күтиң» деген гәпти қайталады. Не ислейсиз?

а) Линияда қаламан, бирақ кейпиятым түсип кетеди.

б) Зыяны жоқ, және азырақ күтемен.

в) Кейинирек қайта қоңыраў етемен.

 

5. Сүйген ярыңыз ушырасыўға ярым саат кеш қалды, мобиль телефоны болса өшик. Сизиң реакцияңыз?

а) Ҳәммеде де болыўы мүмкин.

б) Ашыўланып, мобиль телефонының батарейкасы қуўаты таўсылып қалған болса керек, деп өзимди жубатаман.

в) Қатты ғәзебим қозып, келгеннен дәрриў айыбын жүзине басаман.

 

6. Театрға келдиңиз, сиз унатқан спектакль ертең қойылады екен. Қандай шара көресиз?

а) Бүгин қойылатуғын спектакльге де кире беремен.

б) Ертең яки басқа өзим ушын қолайлы болған күни келемен.

в) Кейпиятыма қарап ис тутаман.

 

7. Сизге мас келетуғын гәпти таңлаң:

а) «Сабыр – бул үмит етиў өнери»;

б) «Бир ғана үмит пенен ашлықтан өлип қалыў ҳеш гәп емес»;

в) «Сабыр – әжайып пазыйлет, бирақ ўақыт өтиўи менен ол сизди итибарсыз етип қояды».

 

8. Сиз унатқан адам ақырғы ўақытларда муңлы болып жүр, бирақ өз дәртлерин сиз бенен бөлисиўге асықпай атыр. Сиз:

а) Сөйлесиўди талап етпеймен, бирақ қәлеген ўақытта оған жәрдем бериўим мүмкинлигин билдиремен;

б) Не болып атырғанлығын түсиндирип бериўин талап етемен;

в) Оны тергемеймен, бирақ оның түскин кейпиятына не себеп болғанлығын ойлай беремен.

 

БАЛЛАРДЫ ЕСАПЛАП, НӘТИЙЖЕ МЕНЕН ТАНЫСЫҢ!

 

1

2

3

4

5

6

7

8

а

2

1

1

2

1

3

1

1

б

1

2

2

1

2

1

3

3

в

3

3

3

3

3

2

2

2

 

8-12 балл. Сизге шыдамлылық қәсийети тән. Өз мүтәжлик ҳәм қызығыўшылығыңызды басқалардың мәплерине масластырыўды билесиз.

13-18 балл. Сизде сабыр ҳәм шыдам жоқ емес. Соған қарамастан, гейде жағдайға қарап режелериңизди өзгертиўиңиз мүмкин. Сизде руўхый турақлылық жоқ деўге болмайды. Бирақ бәрибир сизди тең салмақлылықтан шығарыўы мүмкин болған жағдайлардан имканы барынша қашың. Егер де сондай жағдайға түсип қалсаңыз да, «Жети өлшеп – бир кес» мақалына әмел еткен тәризде бир қарарға келиң.

19-24 балл. Ҳәр қандай мақсетке ерисиўде, ең дәслеп, сабырлы болыў талап етиледи. Сиз өзиңизде әне усы қәсийетти раўажландырыўға ҳәрекет етиўиңиз лазым.

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар