Операциядан кейин бир ҳаял өзине келип «Доктор! Нықабыңызды шеше бериң, мен сизди таныдым» – деген екен.
*** *** ***
– Доктор, мен жүдә тез семирип баратырман.
– Ҳәр күни бир неше саат қурылыста жумыс ислең.
– Қурылысқа күйеўимди жиберсем бола ма?
Бир шыпакер наўқасқа: «Алкоголь – әстен тәсир ететуғын зәҳәр» десе, наўқас: «Доктор…, жаңағы не-ғой…, мен асығып атырған жоқпан» депти.
*** *** ***
Емлеўханада жәнжел жүзеге келипти. Пульмонолог:
– Мениң айлығымды еки есеге көбейтиў керек. Себеби – өкпе екеў!
ЛОР шыпакер оны қоллапты ҳәм өзи депти:
– Ал мениң айлығымды 3 есеге көбейтиў керек – мен 3 ағзаны емлеймен!
Күни менен үндемей отырған стоматолог шыпакер:
– Енди мен сөйлейин…
*** *** ***
Муғаллим:
– Ең үлкен урыслардан қайсыларын билесең?
Оқыўшы:
– Көбисин билемен. Бирақ, мамам: “үйдеги гәп көшеге шықпасын” деп айтып еди.
*** *** ***
– Доктор бала! Мени жөтел тыныш қоймай атыр.
– Жасыңыз нешеде апа?
– 70 те.
– 40 жасыңызда жөтелдиңиз бе?
– Яқ.
– 50 де не?
– Яқ, жөтелмедим.
– 60 та не?
– Яқ.
– Ҳаў, ҳәзир жөтелмесеңиз, енди қашан?!
*** *** ***
Бир жазыўшыдан досты сорапты:
– Үлкен қызыңызды ҳәмийше сизди қаралап жүретуғын сыншыға турмысқа берипсиз. Усы гәп ырас па?
– Ырас, сол сыншыдан өш алыўым керек емес пе?
*** *** ***
– Доктор, мен бирдейине өзим менен өзим сөйлесип жүремен.
– Басқаларға кесент етесиз бе?
– Яқ, бир өзим жасайман.
– Онда сөйлей бермейсиз бе, ҳәз етип…
– Дурыс-ғой…, бирақ мен ямман езбемен-дә.
*** *** ***
– Доктор, мен түнде сондай қурылдайман – оның сестинен, ҳәттеки, өзим де ояныпта кетемен.
– Онда басқа өжиреге барып жатың.
*** *** ***
– Султанов! Пушкинниң «Татьянаға хат» шығармасын оқып келдиң бе? – деп сорапты муғаллими.
– Яқ, – депти оқыўшы.
– Неге оқымадың?
– Өзиңиз айттыңызғой, «Биреўдиң хатын оқыў – жаман әдет», деп.
*** *** ***
Ҳаялының қарны аўырып, күйеўи шыпакерди шақырыпты. «Ҳәзир укол салады» деп қорқып, күйеўи басқа өжиреге шығып кетипти. 1 минуттан кейин шыпакер шығып оннан шөккиш бериўин сорапты. Және 1-2 минуттан кейин шығып, оннан қашаў бериўин сорапты. Кейин отвертка, плоскогубцы ҳәм басқаларды сорапты. Қәўетерленген күйеў шыпакерге:
– Доктор, мениң ҳаялыма не ислеп атырсыз?
– Ҳаялыңа ҳеш нәрсе ислеп атырғаным жоқ. Мен өзимниң ишинде әсбапларым бар чемоданымды аша алмай атырман.
*** *** ***
Дәриханада:
– Маған ярым литр спирт бериң.
– Рецептиңиз бар ма?
– Аўа! Бир кг қумшекер, ярым кг ләблеби, жүз грамм ашытқы.
*** *** ***
Дәриханада:
– Маған ашшы бурыш пенен пластырь керек.
– Ашшы бурыш пенен жоқ, майонез бенен бар.
*** *** ***
Ҳаял адам еки жағдайда қызарып кетеди: биле тура жалған сөйлегенде ямаса билместен расын айтып қойғанда.
*** *** ***
Фармацевт семиз ҳаялына:
– Дәриханаға шықпай тур – мен аздырыўға жәрдем беретуғын микстура сатажақпан.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…