«МӘҢГИ ЖАСЛЫҚ»ТЫҢ ҮШ ТАЯНЫШЫ

RA-img

Төрт  мәмлекет  –  Норвегия,  Австралия,  АҚШ  ҳәм Японияның  геронтологлары  узақ  жасаўға  не  жәрдем беретуғынлығын  анықлаў  ушын өзлериниң  күшлерин бирлестирди.  Ҳәр  елдиң  илимпазлары өз  елиндеги узақ  жастағы  адамлардың  турмыс  тәризин,  турмыс шараятын,  әдетлерин,  аўқатланыўын,  минез-қулқын ҳәм  т.б.   тереңнен  үйренип  шықты.  Ҳәмме  мағлыўматлар  бирлестирилип  ҳәм  үйренилгеннен  кейин  адамның  узақ өмир  көриўине  тәсир  ететуғын  улыўмалық және  баслы  фактор  анықланды.  Сиз  бул  факторды  не деп  ойлайсыз?


Бул  –  саламат  пикирлеў  тәризи.  Буны былайынша  түсиндириўге  болады: өмирлик  мақсет, оптимизм  ҳәм  жақсы  көретуғын  жумысы.  Адамның «мәңги жаслығы» усы үш нәрсеге сүйенген.

Адамнан  оның  мақсетин  тартып  алсаңыз  –  оның барлық  «иси»,  барлық  ҳәрекети өз  мәнисин  жойтады. Оннан  оптимизмин  тартып  алың  –  онда  қуўаныш  ҳәм жақсылық  қалмайды.  Жақсы  көрген  жумысын  тартып алсаңыз  –  онда  оның  жарқын өмири  ҳәсиретке  ҳәм азапқа  айланады. 

Японияда  мынадай  гәп  бар:  «егер сен  жумыстан  үйге  келгениңде  көйлегиңнен  тердиң ийиси  шықпаса,  онда  шуғылланып  жүргениң  сениң исиң  емес».  Бәнт  болыў  –  бул  бахыттың  ярымы  ғана. Жумыс  –  бул  адамның өзине  унаған  ис  пенен  шуғылланыўы.

Және  бир  қызықлы  изертлеў  россиялы  илимпазлар тәрепинен өткерилди:  онда  анықланыўынша  бахытлылық  дәрежеси  менен  жақсы  көрген  жумыс  түри  арасында  ҳеш  қандай  парық  сезилмеген.  Мәселен,  белгили  университет  оқытыўшысы  балалар  бақшасы  тәрбияшысынан  бахытлырақ  па  яки  табыскер  исбилермен бюджет  мәкемесиниң  әпиўайы  бухгалтеринен  артығырақ  қуўана  ма  –  илимпазлар  булардың  арасындағы парықты көре алмады.

Түрли  кәсип  хызметкерлерине,  ҳәўли  сыпырыўшыдан  баслап  ири  кәрхананың  директорларына  дейинги лаўазымдағы  адамларға өз  кәсибинен  қанаатланыўшылығын  анықлайтуғын  тест  сораўларына  жуўап  бериў  усынылды.  Изертлеўшилердиң  жуўмағы  бирдей: адамдағы  бахытлылық  дәрежеси  ҳеш  қандай  кәсип, лаўазым,  абырайлы  жумыс  ҳәм  айлық  көлеми  менен байланыслы  емес.  Буннан  логикалық  жуўмақ  келип шығады:  жүрегиңди  қуўандыратуғын  жумыс  бахыт алып  келеди.  Бул  жумысты  адам  ҳәўес  етип  ислейтуғын  жумыс  десе  болады.  Парқы  жоқ  –  ол  басшы  ма, ҳәўли  тазалай  ма,  бала  тәрбияшысы  яки  дийқан  ба...

Қалған  барлығы  –  күн  кешириў  яки  санаңдағы  шексиз  қәлеўлерди  қанаатландырыў  жолындағы  аўыр  мийнетлер саналады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар