Бул — ҳақыйқат. Жәнжелди шоққыға жеткерген емес, ал оны тоқтатқан ЖЕҢИМПАЗ саналады. Буны, ҳәтте, психологлар да тән алған. Себеби, бундай қылыў — перзентлердиң жетим қалыўынан, жеккөриўшилик ҳәм азаплардан, кеўил қалыўдан, неше жыллық өмирдиң “бир пул” болыўынан, ең әҳмийетлиси, ажырасыўлардан сақлайды. Демек, ондай күйеў ямаса ҳаялды күшли деў мүмкин.
Ҳәлсиз инсан ғана жәнжел шығарыўы мумкин. Себеби, ол өзин басқарыўды ҳәм қадағалаўды билмейди. Гейде, сондай пайтлар болады, “төмен түсиўден” өзге шара қалмайды. Яғный, күйеў де, ҳаял да өз айыпларын тән алыў керек болады. Усындай аўҳалларда “жекке мәпти гөзлеў” ҳәм “көкиреклик” деген түсиниклерди шетке сүрип қойыў лазым. Булар ШАҢАРАҚ БАХЫТЫ алдында ҳеш қандай баҳалыққа ийе емес. Жәнжел ўақытында “көкиреклик” түсинигин улыўма шеклесек те бо-ла береди.
Егер ҳаял ҳәм еркек бир-бирин ҳүрмет етсе, жәнжел пайытлары теңбе-тең алыспастан, бири екиншисин түсиниўге ҳәрекет қылса, шаңарақлар бузылмаған, балалар ата-анасыз қалмаған болар еди. Итибар берсек, ажырасыўлардың биреўлери арзымаған гәп ямаса ис себепли жүзеге келеди. Буннан көринип турыпты, еки тәреп те АҚЫЛ деген түсиниктен узақ.
Ақыллы адам өзин де, өмирлик жолдасын да басқара алады. Түсинеди, кеширимли болады. Жарасыў жолын таңлайды. Ең әҳмийетлиси, қайыл болады. Жоқары да айтылған мәслаҳат жәнжелли жағдайларда жеңимпаз болыўға жәрдем береди. Шаңарағын беккемлеўди ҳәм жеңимпаз болыўды қәлеўшилер оларға әмел қылған ҳалда, келисим бериўди үйренеди!
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…