Ерли зайыплыларға – жүклиликти жобаластырыў ҳаққында

Бағдагүл Бийшекова, Нөкис қалалық медицина бирлеспеси көп тармақлы поликлиниканың кольпоскопия мийирбийкеси
RA-img

   


Ҳәр  бир  ерли-зайыплы  жубайлар  балаларының денсаўлығы  беккем  болыўын  қәлейди.  Бирақ  болажақ нәрестениң  денсаўлығы  олардың  турмыс  жағдайына, денсаўлығына,  жүкли  болыўға  таярлығына  байланыслы екенлигин  ҳәмме  де  биле  бермейди.  Айырым  жағдайларда  ерли-зайыплылар  жүкли  болыўды  жобаластырмаған ўақытлар  да  болады.  Бундай  ўақытларда  жүклилик  қолайсыз  жағдайларда  (мәскүнемшилик,  өткир  жуқпалы кеселлик,  узақ  даўам  етиўши  кеселлик  қайталанғанда) пайда  болады.  Бул аўыр  ақыбетлерге,  ҳәмиледарлық  ҳәм  туўыў  ўақтында асқыныўларға,  баланың  кемис  болып  туўылыўына  алып келеди.  Егер  ерли-зайыплылардың  қайсы  биринде  узақ даўам ететуғын кеселлиги болса емлениўи керек.

Ҳаяллар  бала  питкенге  шекем  ҳәм  оннан  алдын гинекологиялық  кеселлигин  анықлаўы  ушын ҳәм  емлетиўге  акушер-гинеколог  шыпакерине  көриниўи  шәрт.  Өткир  кеселлик  пенен  наўқасланған  ўақытта баланың  питиўи  жүдә  қәўипли.  Қандай  да  бир инфекцияның  ақыбетинде  азырақ  аўырып  қалыў –  питкен  бала  ушын  қәўипли  болыўы  мүмкин, сонлықтан  өткир  кеселликлер  ўақтында  жүклиликтен  сақланыў зәрүр.  Бала  питиўдиң  алдынғы  дәўиринде,  вируслы инфекциялар,  әсиресе  қызылша,  қызамық,  Боткин кеселлиги  (сары  аўырыў)  бар  адамлар  менен,  аўырыў маллар менен қатнасықта болмаў керек.

Ерли-зайыплылардың  биреўи  ямаса  екеўи  мәс  ҳалында  болғанда  жүкли  болыў  мүмкин  емес.  Егер  ерли-зайыплылардың  биреўи  ямаса  екеўи  де  узақ  ўақыт алкоголь  зәҳәрин  пайдаланса,  ақыбетинде  денеде  узақ даўам  еткен  уўланыў  пайда  болып  аналық  ҳәм  аталық жыныс клеткаларына тәсир етип, баланың питиўине ҳәм ҳәмилениң раўажланыўына зыянын тийгизеди. Бала ҳәлсиз,  инфекцияға  қарсы  иммунитети  төмен,  салмағына жүдә аз қосылып, тез-тезден аўырыўы, гейде ақылый ҳәм физикалық  жақтан  раўажланыўда  артта  қалады.  Ата-анасының шылым шегиўи болажақ нәресте ушын зыянлы  тәсир  етеди.  Ерли-зайыплылар  3-6  ай  бала  питкенге шекем шылым шегиў ҳәм спиртли ишимликлерден үзил-кесил бас тартыў керек.

2-3  ай  бала  питкенге  шекем  рентген,  дәри  менен ямаса  физиотерапиялық  емлеўди  қолланбаў  керек. Жоқарыдағы  санап  өткен  жағдайлардан  тек  ғана  бала питкенге  шекем  емес,  ал  жүклилик  дәўириниң  биринши  үш айлығында  болажақ  баланың  тийкарғы  дене  ағзалары пайда  бола  баслағанда  сақланыў  керек.  Усы  дәўирдеги қолайсыз жағдайлар иштеги баланың туўма майып болып туўылыўына алып келеди.

Гейде  жас  жубайлар  биринши  жүклиликти  жасалма түрде  алып  таслаўды  шешеди.  Сол  нәрсени  ядта  сақлаў лазым,  аборт  (баланы  алдырыў)  ҳаялдың  денсаўлығы ушын  ақыбети  жаман  жағдайларға  алып  келеди,  гейпара ўақытта оның өмири қәўип астында болады. Бул ҳазарсыз  операция  емес.  Ҳәттеки  емлеўханада  өткерилгенде  де ол  қәўипли  асқыныўларға  алып  келиўи  мүмкин.  Аборт нәтийжесинде  көп  қан  кетиўи,  жыныс  ағзаларының исинип  аўырыўы,  бала  туўмаслығы,  келешекте  жүкли болмай,  жыныс  ағзаларында  ҳәм  көкирек  безлеринде қәўипли  исиктиң  раўажланыўына  алып  келеди.  Аборт келеси  жүклиликтен  туўылған  балалардың  денсаўлығы ушын  да  қәўипли,  себеби  олар  ҳәрқыйлы  асқыныўлар менен өтеди, нәтийжеде ҳәмиле ҳәм болажақ баланың денсаўлығына зыян келеди.

Тез-тезден  аборт  етиў  баланың  өли  туўылыўына  да себепши  болады.  Соның  ушын  егер  баланы  бағыўға жағдай  болмағанда  ямаса  ерли-зайыплылықтың  биринши  жылларында  бала  көриўди  қәлемесе  – жүклиликтен  сақланыў  жолларынан  пайдалыныў  шәрт. 

Бала  туўыўды  жобаластырыўға  шынтлап  жуўап-кершилик  пенен  қараў  нәрестениң  келешекте  көплеген қолайсыз  жағдайлардан  аман  қалыўына  жәрдемлеседи.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар