Бир данышпан сырлы күшке ийе болып, адамлардың әрманларын орынлай алатуғын болған. Әлбетте, әрманлар қәўипли болыўы мүмкин. Биз әдетте өзимизге негизи керек болған нәрсени сорамаймыз. Егер биреў бизиң өтинишимизди, биз қәлегендей емес етип орынласа, биз қапа боламыз. Биз, ҳәмме нәрсениң биз ойлағандай болыўын қәлеймиз ҳәм болып атырған нәрселердиң барлығының үстинен қадағалаўды қәлеймиз. Деген менен, барлық әрман-қәлеўлеримиз әмелге асқаны менен де биз бахытлы бола алмаймыз. Мына рәўиятты оқып түсинесиз.
Кишкене бир тышқан, пышықтың үзликсиз қуўдалаўынан үлкен дәртте еди. Солай етип ол данышпанға жәрдем сорап хабарласты. Бәримизге тышқанның жағдайы таныс, себеби қай дәрежеде болмасын, лекин ҳәр биримиз қәўипсизлигимиз ҳәм бахытымызға қәўип салған машқалалар бойынша уўайым шеккенбиз.
Тышқан данышпаннан пышықтың қуўдалаўын улыўма жоқ етиў ушын сырлы күшин иске салыўын сорады. Сол ўақытта данышпан тышқанның улыўма күтпеген нәрсесин әмелге асырып, оны пышыққа айландырды. Тышқан, жаңа пышық денесине кирип, қуўанышқа толып, өз жумыслары бойынша жуўырып кетти. Арадан бираз ўақыт өтип, пышық денесиндеги тышқан данышпанға қайтып келип, оны тынышына қоймай атырған ийттиң үстинен арыз етти. Бул рет данышпан пышықты ийтке айландырды ҳәм ийт үлкен жеңиллик сезип жуўырып кетти. Лекин, бул бахытсыз ийт дәрҳал кеўилсиз ўақыяға ушырады – оны жолбарыслар қуўдалап баслады.
Жүреги жарылған, бахытсыз ийт данышпанға жуўырып келди ҳәм жағдайды өзгертиў ушын әмелге асырылған бәрше ҳәрекетлер, қайта бул жағдайды күшейтип жибергенин айтты. Солай етип, барлық машқалаларының жалғыз бир дурыс шешимин таўып бериўин өтиниш етти. Бул рет данышпан оны жолбарысқа айландырып, өтинишин қанаатландырды. Данышпан дәл сол ўақыт өз қәтесин аңлады, себеби жолбарыс оған аш нәзерин таслаған еди. Бирақ, данышпан жолбарыс оған тасланбасынан бурын, оны тышқанға айландырыўға үлгерди.
Биз өз өмиримизде басқа жағдайда болып қалсақ бахытлы болар едик деп көз алдымызқа келтиремиз, лекин қәлеген жағдай өз қыйыншылықларына ийе ҳәм биз олар менен әлбетте дусласамыз. Материаллық дүньяның тәбияты солай. Қандай жағдайға түскен болсақ, сол жағдайды миннетдаршылық пенен қабыл еткенимиз ҳәм биз бенен сәдир болып атырған нәрселер, бул ҳәрекетти даўам еттириўимиз ушын өзлестириўимиз керек болған Қудайдың бизлерге берип атырған сабағы деп қабыллағанымыз ең ақыллы шешим болады.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…