Ҳаялларға тек ғана бир мәсләҳәт

RA-img

Күнлердиң биринде бир данышпан Батыс еллерине сапарға шығыпты. Сол данышпанға жергиликли адамлар мынандай сораў берипти:

– Егер сизде ҳаялларға тек ғана бир мәсләҳәт айтыўдың имканы болғанында, оларға не деген болар едиңиз?


Сонда данышпан:

– Мен оларға перзентлериңизди кем дегенде 3 жасқа шекем көкирек сүти менен азықландырың, деген болар едим, – деп жуўап берипти.

Бир қарағанда бул мәсләҳәт оғада әпиўайы ҳәм күлкили. Бирақ, оның тийкарында мынандай мәни бар: ҳаял адам баласын емизип турыўы ушын, бәрқулла оның жанында болыўы керек. Данышпан бул сөзи менен ҳаялларға «Перзентлериңиз бенен ҳеш болмаса олар үш жасқа толаман дегенше бирге болың, меҳириңизди бериң, муҳаббатыңыз бенен суўғарың» демекши.

Айырым Шығыс еллеринде ҳаяллар перзентлерин 5 жасқа шекем емизеди. Бул нәрсе тек ғана баланың иммунитетин емес, ал анасына болған муҳаббатын да күшейтеди. Батыс еллеринде болса, ҳаяллар перзентлери бир неше айды толтырыўдан жумысқа шығып кетеди. Олар ушын перзент тәрбиясына қарағанда пул табыў әҳмийетлирек. Балаға қараў ушын нянька жаллайды яки бақшаға береди, өзи жумысқа атланады. Жалланба нянька, бақша балаға муҳаббат бере ме? Әлбетте, яқ! Ол тек ғана ақша ушын қарайды. Минекей, усы тәризде меҳир-муҳаббатқа тойынбаған, мийримсиз перзентлер камалға келеди ҳәм ата-аналарына да келешекте усындай жуўап қайтарады.   

Ҳеш қашан Тәғдир тәрепинен жаратылған қағыйдаларды бузыўға ҳәрекет етпеў керек. Егер сиз ҳаял болып туўылған болсаңыз, бирақ перзентлериңизге үйиңизде отырып аналық меҳириңизди бергиңиз келмесе, ал еркеклерше жумыс ислеп, көп пул табыўды, бийик-бийик шыңларды ийелеўди қәлесеңиз – бул тәғдириңизге қарсы көтерилис жасағаныңыз болады. Бундай жағдайда тек ғана көтерилис жасаған адам емес, ал оның шаңарақ ағзалары да зыян көреди, қыйналады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар